Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияның Бас министри Синдзи Абэниң мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен усы мәмлекеттиң пайтахты Токиода болып турыпты.

Японияның әжайыбатына дус келмеген, оның ақылға уғрас келмейтуғын дәрежедеги жоқары технологияларынан таң қалмаған адамды табыў қыйын. Себеби ҳәр күни бул мәмлекетте ислеп шығарылған, инсан интеллектуаллық потенциалының мисли көрилмеген ойлап табыўлары болған күнделикли турмыслық буйымларынан баслап жоқары технологиялар, жасалма интеллект жетискенликлеринен, басқа мыңлаған техникалардан пайдаланамыз, оларсыз өмиримизди көз алдымызға келтире алмаймыз.

Адамларда «бул Японияники» ямаса «Японияда ислеп шығарылған» деген түсиникти пайда етиў ушын япон халқына тек ғана ярым әсир жетерли болды. Бирақ усы қысқа ўақыт ишинде японлар бай тәбийғый ресурсларсыз, инсан ақыл-ойы менен де әжайыбатлар жаратыўға уқыплы екенлигин дәлийллеп берди.

Аўа, япон халқы өзиниң әжайыбатлары менен қаншелли таң қалдырмасын оннан ҳеш қашан мақтанбайды, керисинше, және де көбирек изленеди, тыным билмейди, ойлап табыўларға умтылады. Сол себепли Японияның көшелеринде биймәлел сейил етип атырған ямаса дем алып атырған адамды ушыратпайсыз, ҳәмме өз жумысына, қаранғы түсиўи менен үйине асығады. Ҳеш бир сөзсиз, ўатансүйиўшилик, мийнет етиў, исбилерменлик бул тыным билмейтуғын халықтың қан-қанына сиңип кеткен. Сол себепли Япония өндирис көлеми бойынша ең алдынғы орынлардың биринде турады, технологиялар экспорты бойынша дүньяда жетекшилерден бири болып есапланады.

Өзбек ҳәм япон халықларының уқсас тәреплери көп. Миллий ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятлар, аўызбиршилик, мийнетсүйгишлик, мийрим-шәпәәт сыяқлы пазыйлетлер еки халық ушын бирдей өзине тән болып есапланады. Бул мәмлекетлеримиздиң дослығы ҳәм өз-ара бирге ислесиў қатнасықларында айқын сәўлеленбекте.

Өткен жылларда Өзбекстан ҳәм Япония еки ҳәм көп тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўда салмақлы жетискенликлерге еристи. Мәмлекетимиз Япония менен шын дослық байланысларын, стратегиялық шериклик ҳәм бирге ислесиўди жоқары баҳалайды. Япония Өзбекстанды Орайлық Азия регионындағы әҳмийетли шериги сыпатында тән алады.

Сол себепли Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Күншығыс мәмлекетине рәсмий сапарын ҳәр еки тәреп өз-ара қатнасықлар тарийхында әҳмийетли ўақыя, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-технологиялық тараўлардағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўда әҳмийетли қәдем деп баҳаламақта.

Японияға сапар етиўдиң үшинши күни усы мәмлекет парламентиниң төменги палатасында ушырасыўдан басланды. Мәмлекетимиз басшысы Ўәкиллер палатасының баслығы Тадамори Осима менен Өзбекстан – Япония парламентлераралық қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.

Япония парламентиниң Өзбекстан менен дослық лигасында белсене ислеп атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Күншығыс мәмлекетиниң парламентаризм тараўындағы тәжирийбесин үйрениў бойынша қоспа илажлар өткериў ҳәм өз-ара алмасыўларды кеңейтиўге келисип алынды.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти Япония парламенти төменги палатасының спикерине елимизде биринши рет өзбек тилине аўдарылған ҳәм басып шығарылған Япония Конституциясының биринши нусқасын саўға етти.

Шавкат Мирзиёев Ўәкиллер палатасы мәжилислери өтетуғын тийкарғы зал менен де танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Япония парламентиниң Мәсләҳәтшилер палатасының президенти Акико Санто менен ушырасты.

Парламентлераралық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, әсиресе, усы жылы қабыл етилген қоспа меморандум шеңберинде еки мәмлекеттиң нызам атқарыўшы уйымлары арасында жедел сөйлесиў алып барылып атырғаны жоқары баҳаланды.

Өзбекстан менен Япония арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Билимлендириў, мәденият, спорт, гуманитарлық алмасыў тараўларында кең имканиятлардың бар екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Япония парламенти Мәсләҳәтшилер палатасының сессиялары өткерилетуғын тарийхый зал менен де танысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Токиодағы Акасака резиденциясында Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA)ниң президенти Синичи Китаоканы қабыл етти.

Ушырасыў алдынан Шавкат Мирзиёев Өзбекстандағы реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм тийкарғы бағдарламаларды алға қойыўға қаратылған көп жыллық бирге ислесиў ушын JICA басшысына миннетдаршылық билдирди.

Бүгинги күнде шерикликтеги жойбарлардың баҳасы 4 миллиард доллардан артты. Узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша улыўма баҳасы 3,5 миллиард доллардан аслам болған, соның ишинде, энергетика, санаат ҳәм аўыл хожалығын модернизациялаў, экология, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған жаңа бағдарлама өз-ара келисип алынды.

Киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, билимлендириў тараўындағы алмасыўларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм JICA менен биргеликтеги ҳәр бир жойбардың өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жол картасы»н ислеп шығыўға келисип алынды.

Токио қаласында дүньяға белгили япониялы архитектор Тадао Андо Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер музейин раўажландырыў концепциясына байланыслы усынысларын усынды.

Бизге белгили, пайтахтымыздағы музейди комплексли реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў режелестирилген. Усы жойбар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры сырт ел қәнигелери менен бирге ислеспекте. Япониялы архитектор Тадао Андо усылардың қатарына киреди.

Ушырасыўда архитектор тәрепинен Венадағы «Альбертина» музейиниң директоры Клаус Шрёдер ҳәм «Альтернатив Вельт» компаниясының президенти Адриан Барсан менен биргеликте таярланған презентация көрсетилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарды музей жумысының заманагөй талаплары ҳәм архтектурадағы алдынғы шешимлерди есапқа алған ҳалда таярлаў бойынша өз усынысларын берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапарының тийкарғы илажлары 19-декабрь күни Токиода болып өтти.

Кантэй резиденциясында рәсмий күтип алыў мәресими болды. Мәмлекетимиз басшысын Японияның Бас министри Синдзо Абэ күтип алды. Олар мәмлекетлик байрақлардың алдында қол берип көристи.

Мәмлекет гимнлери жаңлады. Шавкат Мирзиёев ҳәм Синдзо Абэ жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине сап тартқан ҳүрметли қараўыл алдынан өтти. Оларға делегациялар таныстырылды.

Буннан кейин еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында сөйлесиў өткерилди.

Япония ҳүкиметиниң басшысы Президентимизди қызғын қутлықлап, бул сапар етиў «Рэйва» («Гөззал үнлеслик») дәўириниң биринши жылында өтип атырғанын айрықша атап өтти.

Токио мәмлекетимиз бенен дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге айрықша әҳмийет қаратып атырғаны атап өтилди.

Синдзо Абэ Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады ҳәм оларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Мәмлекетимиз Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди жанландырыўға белсене үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев, өз гезегинде, Япония ҳүкимети басшысына қызғын қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, япон халқын «Рэйва» дәўири басланғаны менен қутлықлады.

Мәмлекетимиз жетекшиси еки тәреплеме көп қырлы шерикликти сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин атап өтти.

Япония ҳүкиметине Өзбекстандағы реформалар ҳәм экономикалық модернизацияны қоллап-қуўатлап атырғаны, сондай-ақ, жоқары маман кадрлар таярлаўға жәрдемлесип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда конструктивлик сиясий сөйлесиўди даўам еттириў бағдарлары көрип шығылды. Актуаль халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша тәреплердиң көзқараслары жақын екенлиги атап өтилди.

Парламентлераралық байланыслар, соның ишинде, Япония парламентиндеги Өзбекстан менен дослық лигасының белсене қатнасыўы шеңберинде жанланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тийкарғы итибар мәмлекетимизде экономикалық реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылды.

Еки мәмлекеттиң жетекшилери өз-ара саўда көлемин және де арттырыў, инвестициялық, технологиялық, финанслық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиўди усыныс етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Японияға сапары шеңберинде болып өткен исбилерменлик илажлардың нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.

Энергетика, қазып алыў тармағы, машина қурылысы, химия санааты, аўыл хожалығы, тоқымашылық, туризм ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда, бәринен бурын, Япониядағы жетекши компаниялар ҳәм банклердиң тиккелей инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларын тартқан ҳалда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мақулланды.

Делегациялардың басшылары Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги арқалы финанслық ҳәм финанслық-техникалық шериклик кеңейип атырғанын қоллап-қуўатлады.

Буннан тысқары, аймақлараралық байланысларды, тәртипли мийнет миграциясы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәдений алмасыў тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Тийкарғы бағдарларда қоспа жойбарларды муўапықластырыў ҳәм алға қойыўдың институционаллық механизмлери келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер сөйлесиў нәтийжелеринен қанаатланғанын билдирди, дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жаңа дәўирин баслаў бағдарында исенимли екенин атап өтти.

Японияның Бас министри Синдзо Абэ Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң өзи ушын қолайлы ўақытта мәмлекетимизге сапар етип келиўге мирәт еткенин миннетдаршылық пенен қабыл етти.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Японияның Бас министри Синдзо Абэ Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў ҳаққындағы Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери арасында салық ҳәм бажыхана тараўларындағы бирге ислесиў, сондай-ақ, ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бойынша қол қойылған келисимлер алмасылды.

Булардан тысқары, Өзбекстан делегациясының сапар етиўи шеңберинде экономика, санаат, туризм, илим, инновациялар, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, мийнет миграциясы, билимлендириў ҳәм спорт тараўларында, аймақлар арасында бирге ислесиў бойынша оннан аслам ҳүжжет қабыл етилди.

Буннан кейин еки мәмлекеттиң жетекшилери ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз басшысы Япония менен көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў ҳәм және де кеңейтиў Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

– Бүгин сиясий, парламентлераралық байланыслар, саўда ҳәм инвестиция, инновация, киши ҳәм орта бизнес, илим ҳәм билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият және басқа да тараўларда бирге ислесиў перспективаларын толық додаладық ҳәм әҳмийетли келисимлерге еристик, – деди Шавкат Мирзиёев. Сапар етиў шеңберинде Японияның жетекши компаниялары ҳәм шөлкемлери менен ири жойбарлар бойынша келисимлерге қол қойылды. Бул жойбарлар, бәринен бурын, Японияның илим ҳәм жоқары технологиялар тараўындағы алдынғы жетискенликлерин Өзбекстан экономикасына енгизиўге қаратылғаны менен итибарлы болып есапланады.

Японияның Бас министри, өз гезегинде, Президент Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекеттиң экономикасын либералластырыў бойынша алып барылып атырған сиясатты жоқары баҳалады. Қол қойылған салмақлы ҳүжжетлер мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық, мәдений-гуманитарлық байланыслардың кеңейиўине хызмет ететуғынына исеним билдирди.

– Биз мырза Президент пенен, Биргеликтеги билдириўге тийкарланып, Япония ҳәм Өзбекстан арасындағы бирге ислесиўди ҳәмме тараўларда раўажландырыў бойынша ийинлес болып ислеймиз, – деди Синдзо Абэ.

Халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша тәреплердиң көзқараслары жақын екенлиги және бир рет тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары даўам етпекте.

 

ӨзА