Сайлаў – 2019

Нөкис қаласында ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы сүрен астында сайлаўалды үгит-нәсият акциясы өткерилди. Онда партия белсендилери, депутатлыққа талабанлар, студент-жаслар қатнасты.

Бул акция алдын ала белгиленген ҳәрекет етиў жөнелиси бойынша өткерилип, партияның республикалық Кеңеси имараты алдынан старт алды.

Қатнасыўшылар Төрткүл гүзары көшеси бойлап ҳәрекетленип, «Нөкис дийқан базары»на шекемги аралықта партия сүренин айтып, өзлери тәрепинен депутатлыққа усыныс етилген талабанларды қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Соң акция қатнасыўшыларының бир топары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетик университетинде тоқтап, университет жәмәәти, студент-жаслар менен ушырасты ҳәм өзлери тәрепинен таярланған үгит-нәсият материалларын тарқатты. Делегация ағзалары А.Досназаров көшеси менен ҳәрекетленип, соңғы мәнзили Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты болды.

Илаж шеңберинде «Мега Нукус» саўда комплексинде концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.