Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Японияға рәсмий сапарын республикамыздың халқы тәрепинен айрықша қызығыўшылық пенен бақлап барды.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Японияның халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) елимиздеги ўәкилхана арасындағы келисимге муўапық усы агентликтиң волонтёрлары Цутами Курия ҳәм Юи Кобаяши ханым 2014-2016, 2016-2018-жылларда Нөкис қаласындағы 31-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде жумыс алып барды. Олар тәрепинен япон тилин үйрениў дөгереги шөлкемлестирилди. Оқыўшыларға информатика бойынша сабақ берди. Өз гезегинде Японияның мәденияты, үрп-әдети, салт-дәстүрлерин үйретиў менен бирге, қарақалпақ халқының үрп-әдетлерин үйренди. Әсиресе, Цутами Курия дуўтарда қарақалпақ халқының миллий қосықларын шеберлик пенен атқаратуғын еди.

-Президентимиздиң Токиодағы Акасака резиденциясында Японияның халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) президенти Синичи Китаоканы қабыл етип, түрли тараўларда, соның ишинде билимлендириў тараўында жойбарларды өз ишине алған жаңа бағдарлама бойынша келисимге ерисилгени бизди қуўандырды,-дейди Нөкис қаласындағы 31-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң директоры Венера Қаленова.-Оқыўшыларымыздың япон мәденияты менен тилине қызығыўшылығы айрықша.

Президентимиздиң жәҳәнниң раўажланған мәмлекетлеринен бири есапланған Японияға рәсмий сапары мәдениятымыз, үрп-әдетимиз бир-бирине жақын болған халықларымыз арасындағы дослық және экономикалық қатнасықларымызды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.