Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде тараў хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылған нызамшылық, ҳуқықбузарлық және хызмет интизамының бузылыўы, сондай-ақ, алдағы ўақытларда хызметкерлер тәрепинен жол қойылатуғын унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде әмелге асырылыўы керек болған баслы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор жыйналысы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, мәжилиске Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, полковник Р.Ҳотамов ҳәм Өзбекстан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасының баслығы қатнасқан.

Жыйналыс даўамында хызмет дәўиринде үлкен қәте ҳәм кемшиликлерге жол қойған 2 хызметкер ишки ислер уйымлары хызметинен босатылған.

Сондай-ақ, 5 хызметкер ийелеп турған лаўазымынан босатылып, 2 хызметкерге интизамлы жаза шаралары қолланылған болса, 9 хызметкер министрликтиң интизам кеңесинде додаланып, оларға тараў хызметкерлериниң жәмәәтлик пикири тийкарында тийисли қарарлар қабыл етиў белгилеп қойылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.