Уллы Британияның «The Economist»  журналың таллаўына бола, Өзбекстан 2019 -жылда «Жыл мәмлекети» атамасына мүнәсип, деп табылды.

Бул ҳаққында журналдың рәсмий сайтында мәлим етилди.

 Басылымның жазыўынша, бул ретки  таңлаўда жеңимпазды анықлаў аңсат болмаған. Арнаўлы экспертлерден ибарат болған топар көплеген мәмлекетлердиң ерисип атырған демократиялық жеңислерине айрықша итибар қаратқан. Бул бағдарда Өзбекстан үлкен жеңислерге ерисип атырғанлығы тән алынып, елимиз «Жыл мәмлекети» деп жәрияланды.

Өзбекстанда мәжбүрий пахта териминиң бийкар етилиўи ҳәм уқық қорғаў системасында әмелге асырылып атырған реформалар басылым тәрепинен жоқары баҳаланған.

Атап айтқанда, 2016 – жылдың күзинен баслап республикада реформалар кең көлемде әмелге асыра басланған. Бул ҳәрекетлер жеделлик пенен даўам еттирилмекте, деп атап өтилген журналда.

«Өзбекстанда мәжбурий мийнеттиң сапластырылыўы, региондағы ең үлкен қамақхананың жабылыўы, сырт елли журналистлердиң мәмлекетке кириўине кең имканиятлар жаратылғанлығы ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен байланысты жақсылаўда шегара пунктлериниң ашылыўы усы мәмлекеттиң «Жыл мәмлекети» сыйлығына ылайық көрилиўине  тийкар болып табылады.

Өзбекстан еле узақ жол басып өтиўи лазым, бирақ 2019 – жылда басқа ҳеш бир мәмлекет бундай алға илгерилеўди әмелге асыра алмаған», деп атап өтиледи «The Economist»   журналында.

 

ӨзА