Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 20-декабрь күни Россияның Санкт-Петербург қаласында болып өтетуғын Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының дәстурий рәсмий емес ушырасыўында қатнасады.

Структураға ағза мәмлекетлердиң  жетекшилери ҒМДА шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысыўы күтилмекте.

Дослық аўқамының октябрь айында болып өткен Ашхабад саммитинде қабыл етилген қарарға муўапық, 2020-жылдың 1- январынан  баслап ҒМДАға Өзбекстан Республикасы басшылық етеди.

 

ӨзА