2019-жыл 17-декабрь күни саат 04:30 лар шамасында Кегейли районы «Жүзимбағ» АПЖ аймағында пуқара Х.А. спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында әжағасы К.Б. менен өз ара жәнжеллесип, жәнжел ақыбетинде әжағасы К.Б.ның бетине мушы менен бир мәрте урған ўақытта К.Б. басының еңсе тәрепи менен жерге жығылып, өзине келместен ҳәдийсе жүз берген орында қайтыс болған. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы мәлим етти.

Хабарда жазылыўынша, бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен 17-декабрь күни пуқара Х.А.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 104-статьясының 3-бөлими «д» бәнти тийкарында жынаят иси ашылып, оған «қамақ» қәўипсизлик шарасы қолланылған.

Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.