Сайлаў – 2019

Нөкис районы «Арбашы» АПЖда O’zLiDeP тен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан Д.Утамбетов сайлаўшылар менен ушырасты.

Өткерилген илажда  Сайлаў кодекси, сайлаў процеси, оны өткериў тәртиби туўралы мағлыўматлар берилип, пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары додаланды.

– Депутатлықка талабан өзиниң бағдарламасында елимиз экономикасын либералластырыў, социаллық,  гуманитар тараўларды раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм бәнтлик тараўында жоқары нәтийжеге ерисиў, халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўда инвестициялық  жойбарларды  турмысқа  енгизиў, коммуналлық-турмыслық хызметлер, ишимлик суўы тәмийнатын жақсы жолға қойыў сыяқлы ўазыйпаларды белгилеп, бар машқалаларды шешиўде әмелий нәтийжеге ерисиўди мақсет етип қойған.-дейди партияның районлық кеңесиниң қәнигеси Г.Умарова өз сөзинде.

Илаж даўамында пуқаралар өзиниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.