Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының бизге берген мағлыўматына бола, усы жыл 12-18-декабрь күнлери республикамыздағы сайлаў участкаларында 6 мың 378 пуқара мүддетинен бурын даўыс берди.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық, сайлаў өткериўши сайлаў округлери аймақларында сайлаў күнинде өзиниң жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылар ушын мүддетинен бурын даўыс бериў усы жылдың 12-декабри күни басланып, 18-декабрьде саат 18.00 ге шекем өткерилди.

Қарақалпақстандағы 8 сайлаў округи аймағындағы 622 сайлаў участкасының 406 сында мүддетинен бурын даўыс берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.