Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдағы 470-санлы қарары тийкарында тастыйықланған «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери және мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы устав»қа муўапық, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин 2020-2024-жылларда аттестациядан өткериў графиги тастыйықланды. Сондай-ақ, БМШ Балалар қоры – ЮНИСЕФтиң жәрдеминде халықаралық экспертлер қатнасыўында аттестациядан өткериў критериялары ислеп шығылды.

Усы график ҳәм критериялар тийкарында 2020-жылдың январь-май айлары даўамында Өзбекстан бойынша 1911 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин, соның ишинде, Қарақалпақстан бойынша 119 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин аттестация ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў жобаластырылған.

Сондай-ақ, дүнья тәжирийбесинен келип шыға отырып, ишки және сыртқы баҳалаўдан өткериў белгиленип, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тиккелей өзин-өзи баҳалаўда қатнасыўы нәзерде тутылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.