29-ноябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде республикаға белгили шебер кестеши, өнермент Несийбели Дәлжанованың «Қарақалпақлардың кестешилик өнери үлгилери» атамасындағы шеберлик сабағы өткерилди.
Шеберлик сабағына Нөкис политехника кәсип өнер колледжи тигиў ҳәм трикотаж буйымларын ислеп шығарыў қәнигелиги 2-курс оқыўшылары қатнасты.
Музейде шеберлик сабағы менен бирге қарақалпақ миллий ерлер ҳәм ҳаял-қызлардың кестели кийимлери, қызыл киймешек, жипек жегде, шай қалталары, дәстек сыяқлы елиўден аслам бир-бирин қайталамайтуғын кестеленген буйымлары көргизбеге қойылды.
– 2002-жылы Лондон қаласында өткерилген өнерментлер көргизбесине қатнасып қайтқан едим, сонда дүнья жүзинен келген көплеген ўәкиллер қарақалпақ халқының қол өнери, әсиресе кестешилик өнерине үлкен қызығыўшылық билдирген еди, – дейди шебер кестеши, өнермент Несийбели Дәлжанова. Мақсетимиз усындай бай өнеримизди кейинги әўладларға үйретиў.
Колледж оқыўшылары өнермент Несийбели Дәлжановадан қос мүйиз-қарсы мүйиз, ғаз мойын, қумырысқа бел сыяқлы нағысларды тигиў-тоқыў сырларын үйренди.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы