Беруний районында «Навоий» аўыл пуқаралар жыйынының ири реконструкциядан шыққан жаңа имаратын пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда район ҳәкими А.Сапарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын және де жетилистириў, пуқаралар жыйынларының материаллық–техникалық базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти ҳәм жыйын китапханасына 500 ден аслам көркем әдебият саўға етти.

Атап өтилгениндей, ғәрезсиз елимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда мәҳәлле институты халықтың исенимли сүйениши ҳәм тәсиршең күши болып хызмет етиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бунда Президентимиздиң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы жәмийетимизде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының орнын ҳәм ролин күшейтиў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға хызмет етпекте.

Реконструкцияланған имараттың 1-қабатында аўыл пуқаралар жыйыны жайласқан болса, 2-3-қабатларында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған 5 тийкарғы баслама шеңберинде пән дөгереклери, интернет тармағына жалғанған заманагөй компьютер ханалары ҳәм китапхана жумыс баслады. Имараттағы үлкен зал заманагөй көриниске келтирилген. Ол жерде ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң аяқ ойын ҳәм қосықлары жасларға үйретилмекте. Сондай-ақ, жаңа имаратта ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде тигиў цехы ашылған болып, онда 20 ҳаял-қыз жумыс ислеп баслады.

Районлық ҳаял-қызлар комитетиниң хабар бериўинше, аўыл пуқаралар жыйынының жаңа имараты ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў дәрежесин және де арттырыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.