2019-жыл 14-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер, уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис күн тәртиби тастыйықланғаннан соң сенаторлар жумысты «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалаўдан баслады.

Нызамда Өзбекстан Республикасы Салық кодексин жаңа редакцияда қабыл етиў нәзерде тутылған. Атап өтилгениндей, кодекс Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы Пәрманын нәтийжели орынлаў мақсетинде ислеп шығылды.

Нызам экономикаға түсетуғын салық жүгин азайтыўға, салық салыўдың әпиўайыластырылған ҳәм улыўма белгиленген системасы бойынша салықлар төлейтуғын хожалық жүргизиўши субъектлер арасында салық жүги дәрежесиндеги айырмашылықларды сапластырыўға қаратылған. Салықларды унификациялаў, уқсас салық салыў базасына ийе салықларды бирлестириў арқалы олардың санын оптималластырыў, есабатларды азайтыў ҳәм әпиўайыластырыў, операция қәрежетлерин кемейтиў нәзерде тутылмақта.

Нызам макроэкономикалық жағдай, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм оның дәраматларын қәлиплестириў турақлылығын тәмийинлеўге, салық нызамшылығын әпиўайыластырыўға, салық қатнасықларына тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги қарама-қарсылықлар менен айырмашылықларды сапластырыўға, ҳүжданлы салық төлеўшилердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери қорғалыўын күшейтиўге қаратылған.

Салық кодексине киргизилген өзгерислерге бола келеси жылдан салық түрлери 13 тен 9 ға шекем қысқартылмақта. Атап айтқанда, бирден-бир жер салығы, мәмлекетлик бажы, бажыхана төлемлери ҳәм исбилерменлик жумысының айырым түрлери бойынша қатаң белгиленген салық түрлери бийкар етилмекте.

Салық қадағалаўын өткериўдиң жаңа тәртиби енгизилмекте, ол салық уйымларына камерал, орынға шыққан ҳалда тексериў ҳәм салық аудитин ўәкилликли уйым менен келиспей таллаў бағдарламасы тийкарында әмелге асырыў ҳуқықын береди.

Буннан тысқары, салықлар ҳәм жыйымлар, сондай-ақ, басқа миннетлемелерди есаплаў ҳәм төлеў мәселелери бойынша мәлимлеме топлаў ушын көшпели тексериў өткерилиўи белгиленбекте. Көшпели тексериўдиң жуўмақлары бойынша салық уйымының лаўазымлы шахслары тәрепинен олар әмелге асырған ҳәрекетлер ҳаққында мағлыўматнама дүзиледи, оның нусқасы салық төлеўшиге бериледи. Көшпели тексериў өткериўде салық уйымлары тәрепинен салықлар ҳәм жыйымлар есапланбайды. Соның менен бирге, инсан факторы қатнасыўысыз салықлар төленбеслиги қәўпи факторларын таллаў нәтийжелери тийкарында таңлап алынған барлық салық төлеўшилерге байланыслы салық аудитин өткериў белгиленбекте.

Салық бойынша келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў тәртиби ашып берилмекте, салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық түрине қарай жуўапкершилик илажлары белгиленбекте. Салық уйымларының жуўапкершилиги күшейтилмекте. Салық аудити нәтийжелери бойынша артықша өндирилген салық суммасын өз ўақтында қайтарыў механизми нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, салық төлеўди тәмийинлеўдиң жаңа қуралларын енгизиў, салық төлеў мүддетин төлем тийкарында коллегиялық уйымлардың (комиссиялардың) қатнасыўысыз кешиктириў ямаса созыў тәртиби нәзерде тутылмақта. Бундай ҳуқық халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине берилмекте.

Трансферт баҳа қәлиплестириўди қадағалаў нормалары, «өз-ара байланыслы шахслар» ҳәм «өз-ара байланыслы шахслар арасында қадағаланатуғын келисимлер», «қадағаланатуғын сырт ел компаниясы (ҚСЕК)» түсиниклери енгизилмекте, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы резиденти болған салық төлеўши тәрепинен қадағаланатуғын сырт елдеги юридикалық шахсты салыққа тартыў тәртиби ашып берилмекте.

Усы мүнәсибет пенен айырым исбилерменлик субъектлери тәрепинен жумыстың әмелге асырылыўына байланыслы «салық төлеўшилердиң консолидацияласқан топары» түсиниги ҳәм оларды салыққа тартыўдың өзгешеликлери киргизилмекте.

Салықларды есаплаў механизмин ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў, сондай-ақ, салыққа тартыўдың барлық элементлерин анықлаў ҳәм тәртипке салыў нәзерде тутылмақта.

Додалаў ўақтында Кодекстиң қабыл етилиўи салық нызамшылығы нормаларын қолланыўды мүмкиншилиги болғанынша әпиўайыластырыўға жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан табыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Нызам Өзбекстан Республикасының 13 нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди, сондай-ақ, 7 нызамды өз күшин жойытқан деп табыўды нәзерде тутатуғын 17 статьядан ибарат. Мәселен, «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы Нызамға жер астынан пайдаланыўшының тийисли лицензия тийкарында пайдалы қазылмаларды анықлаў ҳәм разведка етиў бойынша жумысты әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензия алған жер астынан пайдаланыўшылар тәрепинен имзалы бонус ҳәм коммерцияға қолайлы табылма бонысын төлеўди, оларды төлеў мүддетлерин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Буннан тысқары пайдалы қазылмалар резервлериниң қазып аланатуғын көлеминиң баҳасын анықлаў ҳәм коммерцияға қолайлы табылма бонусын төлеў тәртиби орнатылмақта.

«Фермер хожалығы ҳаққында»ғы, «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамларға салық ҳәм жыйымлар төлеў және олар төленгеннен соң пайда келиўи тәртибин белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенаторлар нызамның қабыл етилиўи салықлар ҳәм жыйымлар ажыратыў тәртип-қағыйдаларының ашық-айдынлығын күшейтиўге ҳәм арттырыўға, ҳүжданлы салық төлеўшилердиң ҳуқықлары және нызамлы мәплери қорғалыўын күшейтиўге жәрдемлесетуғынын атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соңынан «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, Нызам, Салық кодекси жаңа редакцияда ислеп шығылыўы мүнәсибети менен, сондай-ақ, мәмлекетлик бажыны белгилеў, өндириў, оннан азат етиў ҳәм оны қайтарыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде Қаржы министрлиги тәрепинен ислеп шығылған. Нызамға бола мәмлекетлик бажы юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекетлерди әмелге асырғанлығы ҳәм (ямаса) бундай ҳәрекетлер ушын ўәкилликли мәкемелер ҳәм (ямаса) лаўазымлы шахслар тәрепинен ҳүжжетлер бергенлиги ушын өндирилетуғын мәжбүрий төлемлер болып есапланады. Өзбекстан Республикасы консуллық мәкемелери тәрепинен консуллық ҳәрекетлерин әмелге асырғаны ушын төленетуғын консуллық жыйымы, ойлап табыўларға, пайдалы модуллерге, санаат үлгилерине, селекция табысларына, товар белгилерине, хызмет көрсетиў белгилерине, товар келип шыққан орынның атларына, интеграл микросхемалар топологияларына ҳуқықый қорғаў бериўге байланыслы юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекетлерди әмелге асырғаны ушын төленетуғын патент бажы мәмлекетлик бажы болып есапланады. Бунда ўәкилликли мәкемелерге ҳәм (ямаса) лаўазымлы шахсларға мүрәжат етип атырған ҳәм өзине юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекет ҳәм (ямаса) ҳүжжетлер бериў әмелге асырылатуғын юридикалық ҳәм физикалық шахслар мәмлекетлик бажыны төлеўшилер болып есапланады.

Нызамда мәмлекетлик бажы өндирилетуғын объектлер ҳәм мәмлекетлик бажы ставкаларының муғдарлары нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, пуқаралық ислери бойынша судларда, экономикалық судларда ҳәм ҳәкимшилик судларда, нотариал ҳәрекетлер әмелге асырылғанда, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыўда, Өзбекстан Республикасы пуқарасының биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериўде, соның ишинде, сырт елге шығыў ушын биометрикалық паспорт рәсмийлестириў ҳәм бериўде, консуллық жыйымын төлеўде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў тәртиби ҳәм азат етилетуғын шахслардың дизими белгиленбекте.

Сенаторлар Нызамның қабыл етилиўи нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириўге жәрдемлесетуғынын атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенат ағзалары «Инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, бүгин Өзбекстан Республикасындағы инвестициялық жумыс жигирма жыл бурын қабыл етилген ҳәм ҳәзирги заман талапларына жуўап бермейтуғын нызамлар менен, буннан тысқары, инвестициялық қатнасықлардың үлкен бөлеги басқа тармақларға байланыслы нызам ҳүжжетлери менен тәртипке салынады. Инвестицияға байланыслы нызам ҳүжжетлери нормаларының тармақлар бойынша бөлистирилип жиберилгенлиги оның ҳуқықты қолланыў әмелиятын қыйынластырады, инвестицияға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң нәтийжелилигин төменлетеди, бул болса, өз гезегинде, мәмлекет экономикасының раўажланыўына унамсыз тәсир етеди.

Усы мүнәсибет пенен «Инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыс ҳаққында»ғы Нызам ислеп шығылып, ол Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлери системасына бирден-бир бириктирилген ҳүжжет сыпатында киргизиледи. Онда Нызамда таяныш түсиниклер енгизилип, усы тараўда пайдаланылатуғын тийкарғы түсиниклер ашып берилмекте. Нызамлылық, ашық-айдынлық, инвестициялық жумысты әмелге асырыў еркинлиги, әдиллик ҳәм инвестициялық жумыс субъектлериниң теңлиги, инвесторларды кемситиўге жол қоймаў, инвесторлардың ҳүжданлылығы презумпциясы – инвестициялар ҳәм инвестициялық жумыстың тийкарғы принциплери болып есапланады. Келешекте инвестициялар белгиленген мақсетине бола капитал, финанслық ҳәм социаллық түрлерге бөлинеди. Белгилениўинше, пул қаржылары (сырт ел валютасы да) ҳәм басқа да финанслық қаржылар – кредитлер, пайлар, үлеслер, акциялар ҳәм басқа да баҳалы қағазлар, көшпели ҳәм көшпес мүлк және басқа да объектлер инвестиция ресурслары қатарына киреди.

Буннан тысқары, нызамда инвестордың, инвестициялық жумыс қатнасыўшысының ҳуқықлары, миннетлемелери, инвестициялық жумыс субъектлериниң ҳуқықый кепилликлери беккемленбекте. Нызамның қабыл етилиўи инвестиция мәканының бир пүтинлигин, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел инвесторларының ҳуқықый режими тең екенлигин, Өзбекстан Республикасы аймағында инвестициялық жумыс субъектлериниң экономикалық жумысы еркинлигин тәмийинлейтуғыны ҳәм Өзбекстан инвестиция базары нәтийжели жумыс ислеўи ушын шараятлар жарататуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Арнаўлы экономикалық зоналар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын додалады.

Нызам қабыл етиў зәрүрлиги ҳаққында сөз болғанда, «Арнаўлы экономкиалық зоналар ҳаққында»ғы Нызамның әмелдеги редакциясы еркин экономикалық зоналардың жумысын комплексли тәртипке салмайтуғыны ҳәм дийдиленген дәрежеге жеткерилиўи зәрүрлиги атап өтилди. Нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң көплиги, тиккелей тәсир ететуғын арнаўлы нызам ҳүжжети толық емеслиги ҳәм барлық зәрүр мәселелер тәртипке салынбағанлығы инвесторларда бул тараўдағы нызам ҳүжжетлериниң турақлылығы ҳаққында унамсыз пикир пайда болыўына алып келеди.

Нызамда арнаўлы экономикалық зоналардың түрлери ҳәм олардың жумысын шөлкемлестириў илажлары, хызмет көрсетиў мүддетин созыў, шеклерин өзгертиў ҳәм оны сапластырыў, арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын шөлкемлестириў, оларды басқарыў, арнаўлы экономикалық зонаның қатнасыўшысы статусын белгилеў, бажыханада тәртипке салыў, салық салыў ҳәм жерден пайдаланыў режими бойынша тийкарғы түсиниклер және қағыйдалар белгиленбекте. Усы мүнәсибет пенен Нызам бул тараўдағы қатнасықларды нәтийжели тәртипке салыўға жәрдемлеседи ҳәм экономикалық рефоромалардың ҳуқықый базасын беккемлеў жолында және бир қәдем таслаў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Миллий гвардия ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы көрип шығылды.

Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, Нызам Миллий гвардияның статусын, ўәкилликлерин, ўазыйпалары менен функцияларын белгилеў, жумысының ҳуқықты қорғаў өзгешелигин беккемлеў мақсетинде ислеп шығылған. Нызамға бола Миллий гвардия Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамына киретуғын әскерий структураларға ийе болған ҳуқықты қорғаў уйымы болып есапланады.

Белгилеп қойылыўынша, Миллий гвардия өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары және пуқаралар менен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бирге ислеседи, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер болса Миллий гвардияға оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда өз ўәкилликлери шеңберинде жәрдемлесиўи шәрт. Буннан тысқары, Миллий гвардия әскерий хызметкериниң нызамлы талапларын орынлаў мәжбүрий екенлиги нәзерде тутылмақта.

Нызамлылық, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў, бир пүтинлик, еркинлик Миллий гвардия жумысының тийкарғы принциплери етип белгиленбекте, олардың мазмуны ҳәм мәниси ашып берилмекте. Миллий гвардияның қурамы беккемленбекте. Соның ишинде, Миллий гвардияның қурамына орайлық аппарат, аймақлық басқармалар, әскерий структуралар, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, сондай-ақ, Миллий гвардияға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын шөлкемлестирилетуғын басқа да бөлимшелер ҳәм шөлкемлер киреди.

Соның менен бирге, нәзерде тутылыўынша, Миллий гвардия тиккелей Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынады ҳәм оған есап береди, Миллий гвардияға Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын Миллий гвардия сәркардасы басшылық етеди. Миллий гвардия сәркардасы статусына бола министрге теңлестириледи. Буннан тысқары, Миллий гвардияда әскерий хызметкерлер тәрепинен әкерий хызметти өтеў тәртиби ҳәм шәртлери, олардың ҳуқықый статусы нәзерде тутылмақта.

Нызам менен Жынаят-процессуал кодекске ҳәм «Оператив-излеў жумысы ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Сенаторлардың атап өткениндей, Нызамның қабыл етилиўи Миллий гвардияның жеке қурамы өз хызмет ҳәм әскерий миннетлемелерин исенимли, инталы ҳәм булжытпай орынлаўын тәмийинлеўге салмақлы үлес қосыў имканиятын береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин Олий Мажлис Сенаты ағзалары «Нотариат системасының түп-тийкарынан реформаланыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Нызамды ислеп шығыў зәрүрлиги нотариал ҳәрекетлердиң саны артқан шараятларда мәмлекетлик нотариал уйымларында қосымша штат бирликлерин енгизиў процеси қурамаласқанлығы, бул болса жумыс көлемине қарай хызмет көрсететуғын хызметкерлердиң саны артыўына тосқынлық ететуғыны менен түсиндириледи.

Нызамда «Гиреў ҳаққында»ғы, «Нотариат ҳаққында»ғы, «Лизинг ҳаққында»ғы, «Ипотека ҳаққында»ғы, «Риэлторлық жумыс ҳаққында»ғы, «Кредит мәлимлеме алмасыўы ҳаққында»ғы, «Қәўендерлик ҳәм қайырқомлық ҳаққында»ғы, «Медиация ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық ҳәм Пуқаралық процессуал кодекслерине, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Қарары менен тастыйықланатуғын Әмелге асырылыўы ушын лицензиялар талап етилетуғын жумыс түрлериниң дизимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Нызамда мәмлекетлик нотариал мәкемелерин мәмлекетлик емес нотариал мәкемелерге басқышпа-басқыш өткериў нәзерде тутылмақта. Өзбекстан Республикасы Нотариал палатасының жумысын шөлкемлестириў тәртиби, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары белгиленбекте. Айырым түрдеги келисимлер ушын мәжбүрий нотариал тастыйықлаў бийкар етилмекте, сондай-ақ, нотариал ҳәрекетлердиң жаңа түрлерин енгизиў нәзерде тутылмақта. Мүлкти басқа шахсқа өткериў, ижараға алыў (ижараға бериў) ҳәм оннан бийпул пайдаланыў шәртнамаларын тастыйықлаўда айырым талаплар бийкар етилмекте және бундай түрдеги келисимлерди тастыйықлаў процеси әпиўайыластырылмақта.

Нызамда нотариал ҳәрекетлерди аралықтан, соның ишинде, ведоконференцбайланыс жәрдеминде әмелге асырыў механизми енгизилмекте. Нотариус өзиниң кәсиплик миннетлемелерин орынлаўы ўақтында жеткерилген зыяннан пуқараларды қорғаў мақсетинде мәмлекетлик емес нотариал мәкемелер нотариусларының пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў, нотариусқа электрон мүрәжат етиў системасын жетилистириў арқалы жедел нотариал хызметлер көрсетиў нәзерде тутылмақта. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң парламент ағзалары тәрепинен «Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы көрип шығылды.

Бул нызамның мақсети мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Нызамға бола ҳәр бир бала ушын мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия алыў имканиятының бар екенлиги, ҳәр бир баланың талантын, қызығыўшылықлары ҳәм қәбилетлерин раўажландырыў ушын шараятлардың теңлиги, мектепке шекемги жастағы балаларға тәлим-тәрбия бериў ҳәм оларды саламатландырыўдың бирдейлиги мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбияның тийкарғы принциплери болып есапланады.

Нызамда мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия алыўға байланыслы мәмлекетлик кепилликлер белгиленбекте. Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыўы төмендегилер тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылмақта: Министрлер Кабинети, Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, өзиниң қарамағында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болған басқа да мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары.

Буннан тысқары, пуқаралардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң және пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия тараўындағы илажларда қатнасыўы нәзерде тутылмақта. Нызамда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў, физикалық шахслар тәрепинен бул тараўда хызметлер көрсетиў ҳаққындағы нормалар беккемленбекте. Мектепке шекемги  тәлим ҳәм тәрбияның мәмлекетлик стандарты, билим бериў тили, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң ис режими, мектепке шекемги болған жас ҳәм оның дәўирлери, балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў ҳәм олардан шығарыў белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи билимлендириўдиң сапасын жақсылаў ушын имканиятлар жаратыўға байланыслы илажларды әмелге асырыўды даўам еттириўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысы жетилистириўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Нызамда Өзбекстан Республикасының 19 нызамы ҳәм 2 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылады. Соның ишинде, таў-металлургия тармағы кәрханаларының жумысы жетилистирилиўи мүнәсибети менен «Мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер киргизилмекте. Оларда жарылыўшы затларды, сондай-ақ, оларды ислеп шығарыў ушын арнаўлы материаллар ҳәм әсбап-үскенелерди ислеп шығыў, ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў менен шуғылланатуғын кәрханалар Өзбекстан Республикасы Президенти қарары менен мәмлекет ийелигинен шығарылыўы ҳәм меншиклестирилиўи зәрүрлиги нәзерде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети ҳәм усы комитет жанында Архитектура-қурылыс қадағалаўы мәмлекетлик инспекциясы тийисли түрде Қурылыс министрлиги ҳәм Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы етип қайта шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Стандартластырыў ҳаққында»ғы, «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Радиациялық қәўипсизлик ҳаққында»ғы, «Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында»ғы ҳәм «Муўапықлықты баҳалаў ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў мәмлекетлик комитети Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги етип қайта шөлкемлестирилгенлиги мүнәсибети менен «Мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириў ҳаққында»ғы, «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында»ғы ҳәм «Баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 10-апрельдеги «Өзбекстан Республикасында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў, сондай-ақ, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң сапа жағынан жаңа системасын енгизиў ҳаққында»ғы ПП-5706-санлы Пәрманына муўапық Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы, оның старуктуралық ҳәм аймақлық бөлимлери Ишки ислер министрлигинен шығарылып, Айрықша жағдайлар миинстрлиги сестемасына өткерилди. Сондай-ақ, сапластырылған Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметиниң нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған ўәкилликлери Айрықша жағдайлар министрлигине жүкленди.

Айрықша жағдайлар министрлигине өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жаңа ўазыйпалардың жүкленгенин есапқа алған ҳалда «Халықты ҳәм аймақларды тәбийғый ҳәм техноген өзине тән айрықша жағдайлардан қорғаў ҳаққында»ғы, «Өрт қәўипсизлиги ҳаққында»ғы ҳәм «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы нызамларға, сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Жынаят-процессуаллық кодекс жаңа норма менен толықтырылмақта. Оған бола мүрәжат ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлер судқа электрон ҳүжжет түринде жиберилиўи мүмкин. Жумыс жағдайлары ҳүжжетлердиң тек ғана түп нусқалары менен тастыйықланыўы керек болғанда, сондай-ақ, басқа да зәрүр жағдайларда ҳүжжетлердиң түп нусқалары усынылады.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс те соған уқсас нормалар менен толықтырылмақта. Буннан тысқары, ҳәкимшилик ҳуқуқбузарлық ҳаққындағы исти судта көрип шығыў ўақтында судтың басламасына ямаса процессте қатнасып атырған шахслардың өтинишине бола мәжилистиң аудио ямаса видеожазыўы әмелге асырылыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте. Сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳуқуқбузарлықлар ҳаққындағы процесс бойынша қарар мәлимлеме системасы арқалы электрон ҳүжжет тәризинде шығарылыўы ҳәм орынлаў ушын жиберилиўи мүмкин. Нызам сенаторлар тәрипинен мақулланды.

Кейин ала сенаторлар 2020-жылда көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў бағдарламасы ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-октябрьдеги пәрманына муўапық 2018-2021-жылларда фермер хожалықларын басқышпа-басқыш көп тармақлы фермер хожалықларына айландырыў усы тараўды раўажландырыў бойынша тийкарғы  ўазыйпа сыпатында белгиленген. Соның ишинде, 2020-жылы көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў бағдарламасында аймақлар кесиминдеги анық мақсетлер билдирилген. Бағдарламаға муўапық келеси жылы 11 мың 957 фермер хожалығында 12 мың 478 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 41 мың 135 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. 20 дан аслам ҳәр қыйлы бағдарды раўажландырыўға қаратылған усы жойбарларды әмелге асырыў ушын 2 миллиард 228 миллион сум ажыратыў режелестирилмекте, бул болса фермер хожалықларының финанслық-экономикалық, техникалық ҳәм технологиялық потенциалын арттырыўға жәрдемлеседи.  Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, Нызамда Өзбекстан Республикасының 6 нызамына, 3 кодексине, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Қарары менен тастыйықланған Әмелге асырыў ушын лицензиялар талап етилетуғын жумыс түрлериниң дизимине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылады.

Соның ишинде, «Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына активлериниң баланс баҳасы  базалық есаплаў муғдарының жүз мың есеси муғдарынан көп болған жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлерди әлбетте аудиторлық тексериўден өткериўди нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте. Бул қосымшалардың киргизилиўи активлер капиталласыўының турақлы өсиўи, орынланатуғын операциялар көлеминиң  көбейиўи менен түсиндириледи.

Буннан тысқары, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы да статья менен толықтырылмақта. Онда нәзерде тутылыўынша, жәмийет қатнасыўшылары арасында келиспеўшиликли қарама-қарсылықлар себепли қарар қабыл етиў ушын жетерли даўыслар санының болмағаны себепли жәмийетти басқарыў мәселелери бойынша келисимге ерисиў мүмкин болмаған жағдайда, келиспеўшилик жағдайы суд тәртибинде шешиледи.

Миноритар акционерлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң қорғалыўын күшейтиў мақсетинде «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы Нызамына норма киргизилмекте, оған бола ири келисим дүзиў шәртлери баҳалаўшы шөлкем тәрепинен белгиленген базар баҳасы есапқа алынған ҳалда бийғәрез сыртқа аудиторлық шөлкеми тәрепинен үйрениледи.

«Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына бир қатар нормалар киргизилип, оларға бола юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда  шаңарақлық исбилерменлик субъектлери 3 адамға шекем турақлы хызметкерди жаллап, олар менен мийнет шәртнамасын дүзиўге ҳақылы. Буннан тысқары шаңарақлық кәрхана қатнасыўшыларының улыўма мәжилисинде шаңарақлық исбилерменлик қатнасыўшыларының қурамын өзгертиў ҳаққындағы мәселениң көрип шығылыўы ҳәм шешилиўи мүмкин.

Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси жас өспиримлердиң мийнетинен пайдаланыўға жол қоймаўы ҳаққындағы талапларды бузғанлығы ушын, мийнетке ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлегенлиги ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын статьялар менен толықтырылмақта.

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси ҳәм жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын, пайдалы қазылмаларды лицензиясыз қазып алғанлығы ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нормалар менен толықтырылмақта. Сондай-ақ, таўып алған (таслап кетилген) баланың туўылғанлығын дизимге алыўды тәмийнлеўге байланыслы илажларды қәўендерлик ҳәм ғамқорлық уйымларының ямаса медицина мәкемесиниң лаўазымлы шахслары, таўып алынған (таслап кетилиген) бала турған мәкеме ҳәкимшилиги тәрепинен көрмегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Әмелге асырыў ушын лицензиялар талап етилетуғын жумыс түрлериниң дизими атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумыс сыяқлы жаңа жумыс түри менен толықтырылмақта. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў бойынша халықаралық конвенцияға (Рим, 1951-жыл 6-декабрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамын додалады.

Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметтиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм миллий фитосанитария системасын халықаралық талапларға муўапықластырыў Нызамның мақсети екенлиги сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

Өзбекстан Республиасының Конвенцияға қосылыўы мәмлекетте фитосанитариялық қәўипсизликти беккемлеўге ҳәм республиканың экспорт потенциалын күшейтиўге хызмет етеди. Буннан тысқары, бул Өзбекстан аўыл хожалығы өними экспорты ушын сырт ел базарларына шығыў тәртип-қағыйдасын әпиўайыластырады, Өзбекстанның фитосанитариялық системасын жақсылаў ҳәм халықаралық стандартларды имплементациялаў ушын мәсләҳәтлер ҳәм финанслық қаржылар түринде халықаралық шөлкемлерден алынатуғын техникалық жәрдемниң көлемин арттырады.

Нәтийжеде миллий стандартлар халықаралық стандартларға сәйкес болады, сол себепли сырт мәмлекетлерде фитосанитария тараўындағы барлық ҳүжжетлер тән алынады ҳәм Өзбекстаннан өним экспорт етиўде қосымша шәртлер орнатылыўының алдын алады.

Сондай-ақ, Нызамның қабыл етилиўи Фитосанитариялық илажлары комиссиясы тәрепинен белгилеп берилетуғын өсимликлер ушын қәўипли организмлер, атап айтқанда, бундай тәртип -қағыйдаларға муўапық тиккелей ямаса потенциаллық қәўип туўдырыў мүмкин болған зыянлы организмлердиң бар екенлиги олардың көрсетилиўи ямаса тарқалыўы ҳаққындағы мәлимлеме  алмасыў тараўында Конвенция ағзалары менен бирге ислесиў ушын имканиятлар береди. Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ушын қатаң қәўип туўдырыўы мүмкин болған ҳәм айрықша жағдайларда халықаралық ҳәрекетлерди талап ететуғын зыянлы организмлерге қарсы гүресиў бойынша қәлеген арнаўлы кампанияларда Өзбекстанның қатнасыў имканияты пайда болады. Сондай-ақ, фитосанитариялық қәўипти таллаў ушын зәрүр болған техникалық ҳәм биологиялық мәлимлеме усыныў бойынша сырт мәмлекетлер менен бирге эислесиўде ҳуқықый тийкар жаратылады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Олий Мажлис Сенатының ағзалары Сурхандәрья ўәлаяты Термиз районының шегарасын өзгертиў, Термиз қаласының шегарасын кеңейтиў ҳәм олардың шегараларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Бул мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлады.

Атап өтилгениндей, быйыл ҳуқықый экспертиза өткериў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы тараўында 2 110 жойбар министрликке келип түскен. Соннан 1 907 жойбар этийисли экспертизадан өткерилген, 203 и Министрлер Кабинетиниң регламентине сәйкес келмейтуғынлығы себепли қайтарылған.

Буннан тысқары Министирлер Кабинетиниң қарары тийкарында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир системасы (project.gov.uz) иске қосылған.

Соның менен бирге мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты тараўында шешилиўи керек болған кемшиликлер, машқалалар ҳәм пайдаланылмай атырған имканиятлар бар.

Буннан тысқары, ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў, тийисли тәлим-тәрбия бериў бойынша системалы жумыслар жолға қойылмаған.

Уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди мүмкиншилиги болғанынша азайтыў, ҳуқықый қолланыўға тәсир етпейтуғын улыўма өзгешеликке ийе нызам ҳүжжетлерин көрип шығыў, тәртипке салыўдың гөнерген механизмлерин ҳәм артықша ҳәкимшилик тәртип қағыйдаларды сапластырыў есабынан белгили тараўлардағы қатнасықларды тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаға салыў ҳәм кодификациялаў бойынша жумыслар керекли дәрежеде емес.

Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине байланыслы, сондай-ақ, сырт елли инвесторлар ушын үлкен әҳмийетке ийе болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң шет тиллерине рәсмий аўдармасы тәмийинленбеген. Усы мүнәсибет пенен сенаторлар бул бағдардағы жумысларды күшейтиў зәрүрлигин атап өтти. Бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар Наўайы ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабатын тыңлады.

Ўәлаятты комплексли раўажландырыў, инвестиялар тартыў ҳәм өзлестириў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, киши бизнести раўажландырыў ҳәм экспортты кеңейтиў, коммуналлық тараўындағы машқаларды сапластырыў, жаңа жумыс орынларын, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша орынланған жумыслар ҳаққында парламент ағзалары тәрепинен ҳәр тәреплеме мәлимлеме берилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ўәлаятқа еткен сапары ўақтында белгиленген ўазыйпалар шеңберинде улыўма баҳасы 2,9 триллион сумлық 2693 жойбар әмелге асырылды, 17 840 артық жаңа жумыс орны жаратылды. 8 киши санаат зонасына 332,6 миллиард сумлық инвестициялардың тартылыўы есабынан 96 жойбар әмелге асырылды ҳәм дерлик 600 жаңа жумыс орны жаратылды.

Ўәлаятта «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Yoshlar – kelajagimiz», «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» мәлекетлик бағдарламалары шеңберинде кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер халық депутатлары жергиликли Кеңеслерниң қатнасыўында шешилмекте. Соңғы еки жылда халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң сессияларында социаллық-экономикалық тараўларда 130 дан аслам мәселе додаланды.

Буннан тысқары, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен 300 ден аслам лаўазымлы шахстың есабатлары тыңланды, әҳмийетли мәселелерди, халықты тәшўишке салап атырған машқалаларды шешиў мақсетинде тийисли структураларға 250 ден аслам депутатлық сораўы ҳәм мүрәжатлар жиберилди.

Соның менен бирге, сенаторлар Наўайы ўәлаятында бар машқалаларды, соның ишинде, жолларды оңлаў, электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, ишимлик суў тармақларын ҳәм канализация системасын қурыў, комуналлық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы мәселелерди шешиў бойынша зәрүр илажлар көриў зәрүрлигине итибар қаратты.

Зарафшан қаласының өзинде қуўатлылығы 125 МВт болған еки трансформатор қурыўға талап бар екенлиги атап өтилди. Зарафшанда, Үшқудық ҳәм Хатирчи районларында суў өткериў тармақларын тартыў, Пармана районының орайында  заманагөй канализация системасын қурыў зәрүр.

Буннан тысқары, денсаўлықты сақлаў системасына байланыслы машқалалар бар. Соның ишинде, Тамды ҳәм Үшқудық районларындағы алыс ҳәм ири қалаларда халық сийрек жайласқанына қарамастан, қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети басқа районлар сыяқлы жолға қойылған. Яғный елатлы пунктлер бир-биринен онлаған километр қашықлықта жайласқанлығы емес, ал халық саны шешиўши фактор сыпатында есапқа алынған. Бундай жағдай медицина хызметкерлери ушын да, наўқаслар ушын да үлкен қыйыншылықларды келтирип шығармақта.

Усы ҳәм басқа да кемшиликлерди таллап, сенаторлар бул машқалаларды шешиўде жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың бирге ислесиўин күшейтиў, сондай-ақ, жергиликли Кеңеслердиң белсендилигин арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Кейин ала сенаторлар суў объектлерине ақаба суўларды ағызыўға байланыслы машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин көрип шықты.

Атап өтилгениндей, парламентлик сораўға берилген жуўапта бул тараўда белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде системалы жумыслар алып барылып атырғанлығы  билдирилген.

Соның ишинде, Турақ жай комуналлық хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте халықаралық мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда Өзбекстан Республикасында 2035-жылға шекем суў тәмийнаты ҳәм канализация тараўын раўажландырыў концепциясының жойбары ислеп шығылмақта. Усы Концепцияға муўапық канализация системасында суткасына 757 мың кубметр ақаба суў қуўатлылығына ийе суў тазалаў имаратларын, 8605 километрлик канализация коллекторлары ҳәм тармақларын қурыў ҳәм қуўатлылығы 906 кубметрлик тазалаў объектлерин, 2176,2 километрлик канализация коллектор тармақларын, 128 насос станциясын ҳәм 11 зыянсызландырыў объектин реконструкциялаў режелестирилген.

Барлық усы илажларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтларының кредитлери ҳәм республикалық бюджет қаржыларының есабынан 14,6 триллион сум өзлестириледи. Нәтийжеде республикада канализация хызметлери менен тәмийинленгенлик дәрежеси 31,4 процентке жеткериледи. Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен оның ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.

Олий Мажлис Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилисинде жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 17 мәселе, соның ишинде, 11 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының жигирма бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети

ӨзА