Uzcard жаңа өним – балалар ҳәм жас өспиримлер ушын Uzcard kids  пластикалық карталарын тутыныўға шығармақта. Бул өним нақ емес есап-санақларды әмелге асырыў, ата-аналарға болса өз перзентиниң қәрежетлерин онлайн режимде бақлап барыўы ушын имканият жаратады.

Қалаберсе, бундай формат балаларды нақ пулларды жоғалтыў ямаса урлатып алыў қәўпинен сақлайды, ата-аналарға болса күтилмеген жағдайларда қаржыны картадан картаға өткерип алыўында қолайлы болады.

Балаларға жаңа өним жәрдеминде өз қәрежетлерин басқарыўды ҳәзирден үйретиўди баслаў мүмкин, деп хабар береди компанияның баспасөз хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги