Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Сайлаў Комиссиясы жанындағы Халықаралық Баспасөз орайында  партия талабанларының белсенди жаслар менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда сиясий партиялардың сайлаў алды бағдарламаларындағы социаллық-экономикалық машқалалардың шешилиў жоллары бойынша депутатлыққа талабанлардың анық усыныслары тыңланды.

Бул илажға Либерал демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан Дилфуза Джиенбекова, «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Бердимурат Далжанов, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан талабан Руслан Джумамуратов, Халық демократиялық партиясынан талабан Рустем Айбергенов, Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Айсанем Бегимова, сиясий партиялардың белсенди жаслары, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Илаж барысында сиясий партиялардан депутатлыққа талабанлар өз сайлаў бағдарламаларынан орын алған мәселелер ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, партиялар арасында жасларды жоқары билимлендириўге тартыў, халықтың күнделикли турмысындағы машқалаларын шешиў, коррупцияға қарсы гүресиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тағы басқа әҳмийетли мәселелер бойынша қызғын пикир-таласлар болды.

Депутатлыққа талабанлар жаслар тәрепинен берилген сораўларға өз бағдарламаларынан келип шығып жуўап берип, ушырасыў қатнасыўшылары ҳәм журналистлер тәрепинен билдирилген пикир-усынысларға өз мүнәсибетин билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги