Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма бесинши улыўмалық мәжилисинде сенаторлар «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызам жойбарын көрип шықты.

Нызамда концерт-тамаша жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия ҳәм рухсатнама бергени ушын мәмлекетлик бажы өндирилиўи көрсетип өтилген, деп жазбақта «Қалампир».

Атап өтилиўинше, бул Нызам жаңа редакциядағы Салық кодекси менен байланыслы түрде ислеп шығылған.

Бул Нызам мәмлекетлик бажыны өндириў мәселелерин белгилейтуғын 38 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди өзинде жәмлеген болып, тиккелей тәсир етиў күшине ийе болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.