Нөкис қаласындағы 26-киши районы 9-жай 59-квартирада жасайтуғын кем тәмийинленген Надежда Клемянконың үйинде жылытыў системасы жоқ еди. Ол усы күнге шекем үйин газ плитасы жәрдеминде жылытып келген.

Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы усы пуқараға жәрдем бериў мақсетинде оған электр жылытыў радиаторын саўға етти. Сондай-ақ, үйиндеги газ плитасына зонт орнатып берди.

Қыс мәўсиминиң суўық күнлери де басланып киятыр. Усындай дәўирде өрт қәўипсизлиги басқармасының бундай ийгиликли жумысларға қол урып атырғаны саўаплы ис есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.