Ҳурметли Президентимиздиң басшылығында  соңғы жыллары суд-ҳуқық системасын түп-тийкарынан раўажландырыў, яғный тараўды буннан былай да  демократияластырыў ҳәм еркинлестириў, халықтың әдил судлаўға болған исенимин арттырыў, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, суд ҳәкимиятының беккемлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў физикалык, юридикалық шахслардың мурәжатларын өз ўақтында шешиў, әдеп-икрамлы, кәсиплик уқыпларға ийе, жүкленген ўазыйпалар, әмелге асырылып атырған изертлеўлердиң унамлы орынланыўын тәмийинлей алатуғын кадрларды айқын таңлаў тийкарында жумысқа қабыллаў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда, соның менен бирге, судлардың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў механизмин дәўиримиздиң жоқары талаплары дәрежесинде шөлкемлестириўге, суд системасы хызметкерлерине, судьяларға айрықша мийнет шараятларын жаратыў, лаўазым айлықларына үстемелер ҳәм лаўазым дәрежеси ушын қосымша ҳақы муғдарын белгилеўге қаратылған бир неше Пәрман және Қарарлар қабыл етилди. Басқаша айтқанда, суд-ҳуқық системасындағы реформалар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында келтирилди.

Соның менен бирге, бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 9-январьда қабылланған “Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты көтериў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманы айрықша әҳмийетке ийе.

Усы Пәрманға муўапық төмендегилер жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

бириншиден, халыққа мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық изертлеўлер, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәнисин жеткериў,  пуқаралардың санасында “Жәмийетте нызамларға ҳүрмет руўхын қәлиплестириў‒демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың гиреўи!” деген  турмыслық идеяны беккемлеў;

екиншиден, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жетилистириўде, ең алды менен, тәлим-тәрбияның системалы ҳәм үзликсиз рәўиште алып барылыўына  айрықша итибар қаратыў, мектепке шекемги билимлендириўден баслап, халықтың барлық қатламларына ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты терең сиңдириў, жеке мәплер және жәмийет мәплери арасындағы  тең салмақлылықты сақлаў идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў;

үшиншиден, жас әўладтың санасына ҳуқық ҳәм миннет, ҳадаллық ҳәм пәклик түсиниклерин және әдеп-икрамлылық нормаларын терең сиңдирип барыў, Конституцияның зәрүр тәреплерин оларға балалығынан баслап үйретиӯ;

төртиншиден, халықтың арасында ҳуқықый мәдениятты ен жайдырыў бойынша ҳуқықый-ағартыўшылық илажларда халқымыздың тарийхы, дини, миллий қәдириятларын үйретиў менен биргеликте шөлкемлестириў, сондай-ақ, ҳәр бир пуқарада мәмлекет нышанлары менен мақтаныш сезимлерин пайда етиў арқалы Ўатанға садықлық сезимин күшейтиў ҳәм басқалар.

Мине усы бағдарда, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары судьялары “Орынларда машқалаларды шешиў ушын халық пенен ашық-айдын пикирлесиў, сондай-ақ судьялар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў процесслери, халық пенен пикирлесиў нәтийжелери ҳәм суд жумысларына тийисли басқа да мәселелер ҳаққында ғалаба хабар қуралларында шығыўлары” бағдарламасы тийкарында  халық пенен 233 рет ушырасыў өткерилди, ғалаба хабар қуралларында 181 мәрте шығыўлар әмелге асырылды.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўлар ҳәм ушырасыўлар, халық пенен ашық сәўбет, көшпели суд мәжлислери, пресс-конференциялар ҳаққында хабарлар Жоқарғы судтың рәсмий веб-сайты ҳәм «Әдил суд” телеграмм каналы және Қарақалпақстан Республикасының жергиликли веб-сайтлары менен бирге ислесиў жолға қойылып, мағлыўматлар жәрияланып  келинбекте.

Республика экономикалық судлары тәрепинен жәми 4.394 экономикалық ис көшпели суд мәжлислеринде көрилген болып, бул жәми көрилген даўлы ислердиң
68 процентин қурайды.

Ғалаба хабар қуралларында 205 мәрте, соның ишинде, 42 мәртебе телевидение, 71 мәрте радио арқалы шығып сөйлеўлер, газеталарда 75, веб-сайтларда 17 мақала жәрияланды.

Буннан тысқары, Экономикалық судлар тәрепинен ҳәр ҳәптениң жума күнин “Исбилермен күни”, шемби күнин  “Ашық есиклер күни” деп жәрияланып, судларда кең түсиник жумысларын алып барыў жолға қойылған. Усы илажларда физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен 167 мүрәжат келип түскен, олардың барлығы өз ўақтында көрип шығылды ҳәм мүрәжат ийелерине тийисли тәртипте түсиник берилди.

Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде бул бағдардағы жумысларды мәкан пуқаралар жыйыны, кәрхана ҳәм шөлкемлерде көшпели суд мәжлислеринде көриў көлемин кеңейтиў, судды4 жумысларына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын, сондай-ақ, электрон суд стенографиясын кеңнен енгизиӯ, суд қарарлары орынланыӯын тәмийинлеўши мәкемелераралық электрон мағлыўмат алмасыў системасын жетилистириӯ мәселелери айрықша әҳмийетке ийе.

Бир сөз бенен айтқанда, суд-ҳуқық тараўындағы реформалар судларды буннан былай да демократияластырыў ҳәм либералластырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин кепилликли қорғаўға хызмет етпекте.

 

 

Г.АРЗИЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы

экономикалық суды

судьясының аға жәрдемшиси.