Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитети «Парламентаризмниң япон тәжирийбеси: Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў» темасында дөгерек сәўбетин өткерди.
«Олий Мажлис – Япония парламенти» парламентлераралық топар ўәкиллери, депутатлар, Нагоя университетиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институтының ўәкиллери қатнасқан илажда тийкарғы итибар Өзбекстан – Япония арасында парламентлераралық қарым-қатнасты жеделлестириў, парламент ағзаларының бирге ислесиў механизмин раўажландырыў ҳәм беккемлеў перспективаларына қаратылды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы мәмлекетлераралық қатнасықлардың әҳмийетли структуралық бөлеги бул – парламентлераралық байланыслар болып, усы системадағы өз-ара байланысларды жеделлестириў зәрүр. Сондай-ақ, Олий Мажлистиң мәмлекетимиз турмысындағы ҳәм Өзбекстан мәмлекетшилигин қурыўдағы өзине тән орны жоқары есапланады.
Япония парламенти ўәкиллериниң декабрь айында мәмлекетимизде болып өтетуғын сайлаўларда халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасатуғыны айрықша атап өтилди. Кейинги жылларда бақланған мәмлекетлераралық байланыслардың барлық тараўларында Өзбекстан – Япония бирге ислесиўин жеделлестириў тенденциясынан қанаатланғанлығы айтылды.
– Еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық қатнасықлар көп жыллық тарийхқа ийе, – деди Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыслар комитетиниң баслығы Авазбек Жалилов. – Бүгинги күнде Өзбекстанның сыртқы сиясатында да, ишки социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўда да Япония менен бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелемекте.
Илажда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жылы декабрь айында Японияға болажақ сапары ҳаққында да пикир-усыныслар билдирилди. Бул сапар етиў, сөзсиз, нәтийжели байланысларды буннан былай да жоқары дәрежеге көтериўге, мәмлекетлераралық қатнасықларда жаңа басқыштың басланыўына хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.
Сондай-ақ, қәнигелер еки мәмлекет арасында келешекте бирге ислесиўди күшейтиў, әсиресе, Японияның миллий нызамшылық тараўында әмелге асырып атырған реформаларды, банк-финанс ҳәм мәдений-туристлик имканиятларды үйрениў керек екенлигин атап өтти.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы