Жоллар мәмлекет экономикасының «қан тамырлары» на мегзейди. Мәнзиллерди-мәнзиллерге тутастырып, ҳәр күни бизиң жүрип өтетуғын жолларымыз тек ғана күнделикли емес ал, халық аралық байланысларды беккемлеп, дослық қатнасықларына тийкар жаратады. Мәмлекетимизде автомобиль жолларын қурыў ҳәм қайта оңлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар соңғы ўақытлары және де жетилистирилип, Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде үлкен нәтийжелер көзге тасланбақта. Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен өткен 2024-жыл даўамында алып барылған жумыслар ҳәм усы жылға режелер ҳаққында басқарма баслығы Умрбек Матназаров пенен сәўбетлескен едик.
-Жедел раўажланып атырған бүгинги дәўирде жолларды халықаралық стандартлар талабында қурыў ҳәм қайта ислеў жумыслары республикамызда қалай алып барылмақта?
-Ҳақыйқатында да барлық тараўлар қатарында автомобиль жолларын қурыў бойынша да халық аралық стандарт талаплары жетилисип бармақта. Мәмлекетимизде усы бағдардағы жумыслар итибарға алынып, ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып, жумыслар нәтийжели алып барылмақта. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы аймағында улыўма пайдаланыўадағы автомобиль жолы 4177 километрди қурайды. Соннан халықаралық әҳмийеттеги 664, мәмлекетлик әҳмийеттеги 964, жергиликли әҳмийеттеги автомобиль жоллары 2549 километрди қурайды. Өткен 2024-жылда Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2022-жыл 30-декабрьдеги 465-санлы қарарына тийкарланып Азия раўажландырыў банки қатнасында Қоңырат районы аймағынан өтиўши Халықаралық әҳмийеттеги А 380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолында 240 километрлик цемент бетон қапламалы жаңа жол қурып питкерилди. Бул жолдың қурып питкерилиўи республикамыз халқы ушын үлкен жаңалық болып, 25-октябрь күни пайдаланыўға тапсырылды. 2024-жылда улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын ҳәм көпирлерин қайта оңлаў ушын 382.8 млрд қаржы есабынан 531.8 километр автомобиль жолы ҳәм 17 көпирди оңлаў режелестирилген болып, бүгинги күнде 353.7 млрд қаржы есабынан 17 көпир ҳәм 534.3 километр автомобиль жолы оңланды. Усылар тийкарында инвестиция объектлери бойынша Президентимиздиң 404-қарарына тийкарланып 9 объектте қайта қурыў жумыслары ушын 144, 8 млрд сум ажыратылған болып соннан өткен жылдың декабрь айының ақырына шекем 115, 7 млрд сум көлеминдеги жумыслар әмелге асырылды.
Усы жылы қайта оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырған автомобиль жолларының жәми 34 км бөлеги пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте ҳәм А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолларының 753 ҳәм 698 километр бөлегинде салмақ ҳәм көлемин өлшеў параметрлерин бақлаў пунктлерин қурыў ҳәм заманагөй техникалық қураллар менен үскенелеў жумыслары жуўмақланды ҳәм иске түсирилди.
Келеси 2025-жыл ушын Азия раўажланыў банки қатнасыўындағы А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 673-698 километр (25 км) бөлеги цемент-бетон қапламасы менен реконструкциялаў жойбары ҳәм усы жолдың Қарақалпақстан Республикасының Төрткүл, Елликқала, Беруний районларын байланыстырыўшы 581-673 километр бөлегинде қурылыс жумыслары басланады.
Толық оңлаў жумысларына 3 объектке 15 млрд 754 млн сум ажыратылған болып, соннан бүгинги күнге шекем 15 млрд 754 млн сумлық жумыс көлеми орынланды.
Эксплуатация жумыслары бойынша өткен 2024- жылда Республикамыз бюджети қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасында 14 көпир ҳәм 497,3 км узынлықтағы жолларды оңлаў, сақлаў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимде ҳәм қыста сақлаў жумысларын орынлаўға, жол бойларын көклемзарластырыў жумысларына 214,2 млрд сум ажыратылды. Бүгинги күнде усы көпирлерде ҳәм улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында оңлаў жумыслары толығы менен орынланды.
-Тәбийғый апатшылықлардың жолларға келтирген зыянларын сапластырыў бойынша исленген жумысларға да тоқтап өтсеңиз?
-Ҳаўа-райының кескин өзгериўине байланыслы болып туратуғын тәбийғый апатлар автомобиль жолларына да кесирин тийгизбей қоймайды. Бундай жағдайларда тийисли илажлар көрилип, апатшылық орынларды сапластырыў бойынша жумыслар алып барылады. Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларда ҳәм көпирлерде жүз берген тәбийғый апатшылық ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде жәми 2 көпирде ҳәм өткен жылдың май айында көп жаўын-шашын болғанлығы себепли А380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 665,668 ҳәм 671 километр аралығындағы жолдың қатнаў бөлегине жеткерилген зыянды сапластыраў ушын режеге киргизилип, бул ислерге 6,7 млрд сум қаржы ажыратылды. Ҳәзирги күнде усы объектлерде қурылыс оңлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги “Жол хожалығы тараўын және де жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып Автомобиль жолларын эксплуатациялаў жумысларына жеке меншик секторларды тартыў ислери жолға қойылды. Аутсорсинг шәртнамалары тийкарында А380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының 648-668 километр жолдың улыўма 20 километрге шекемги бөлегин оңлаў жумыслары белгиленген болып, бул жумысларға 1,4 млрд сум қаржы ажыратылады. Бүгинги күнде жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалар тәрепинен усы объектте қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
-Ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм мобиль тәрезилер орнатыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
-Ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм станционар, мобил тәрезилер орнатыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен өткен 2024-жылда бюджет қаржылары есабынан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, жыл даўамында 3 мың 214 дана жол белгилерин алмастырыў ҳәм жаңадан орнатыў ҳәмде 1440 км узынлықта жол сызықлары сызылды. Соның менен бирге, Нөкис қаласындағы мәмлекетлик әҳмийеттеги 4Р176А “Нөкис-Темир жол вокзалы” автомобиль жолында 2 дана транспорт светофор қурылмасы реконструкцияланды, 3 пиядалар светофоры жаңадан орнатылды. Буннан тысқары А380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының Нөкис қаласы аймағынан өткен бөлегинде 765 км ҳәм Беруний районы аймағынан өткен 623 км бөлегинде 2 дана жол көрсеткиш электрон таблолар орнатылды. Усы жылда әмелге асырылған жумыслардың көлемин және де арттырып, 4500 ден зыят жол белгилерин жаңадан орнатыў режелестирилген. Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен аўыр жүк тасыўшы транспорт қуралларын бақлаў мақсетинде жәми 5 аймақта стационар ҳәм мобил тәрезилер қурылып иске түсирилди.
-Ишки хожалық жоллары ҳәм “Басламалы бюджет” есабынан әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша да айтып өтсеңиз?
-Ишки хожалық автомобиль жолларын оңлаў мақсетинде бир қанша мәнзилли дизимлер қәлиплестирилип, ишки хожалық жоллары да жақсыланбақта. Өткен 2024-жылда 1054, 3 км ишки жолларда 264, 6 млрд сумлық оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген. Соннан, 109,2 км асфальт 945,1 км топырақ жолларға қум -шағыл тас араласпасын төсеў, бүгинги күнде 1014, 4 км ишки жолларда 235,8 млрд сумлық оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Соннан, 109, 2 км асфальт 905, 2 км топырық жолларға қум – шағыл тас араласпасы төселди.
Қарақалпақстан Республикасында “Басламалы бюджет” жойбарының биринши мәўсиминде 14 район 38 объектте жәми 69,7 км автомобиль жолларында 44,5 асфальтлаў ҳәм 25,2 километринде қум-шағыл тас араласпасын ҳәм 4 пияда жүриў жолларын оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
2024-жылы “Басламалы бюджет” жойбарының екинши мәўсиминде 9 район 29 объектлерде 49,3 км автомобиль жолларының 38, 7 километрин асфальтлаў ҳәм 10,6 км аралығын қум-шағыл тас араласпасы ҳәм 1,5 км пиядалар жүриў жолларын оңлаў режелестирилди. Бүгинги күнде 46, 5 км автомобиль жолларында 35, 9 км асфальтлаў ҳәм 10, 6 км қум-шағыл тас араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылды. Сондай-ақ, Жаңа Өзбекстан массивлериниң 3, 2 км ишки жолларын асфальтлаў, Туризм объектлерине алып барыўшы 2,2 км автомобиль жолларын асфальтлаў жумыслары орынланды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги Қарарына тийкарланып Республикамызда 495 километр узынлықтағы ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасы төселиў белгиленген болып, бүгинги күнде 574,7 километр узынлықта жумыслар алып барылып, ўазыйпа артығы менен орынланды. Буннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президумының 2023-жыл 29-декабрьдеги қарарына тийкарланып, 5 районда 389, 8 км топырақ жолларға қум-шағыл тас араласпасын төсеў жумыслары исленди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 11-октябрьдеги қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы ишки жоллары хатлаўдан өткерилип, бүгинги күнде республикамызда жәми 11605 км жоллар анықланып, соннан 109 км цемент бетон 1755, 6 км асфальт-бетон, 4816 қум-шағыл тас қапламасы ҳәм 4923,6 км топырақ жолларды қурайды.
Быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги санлы қарарына тийкарланып, 1373 километрге қум-шағыл тас араласпасын төсеў ҳәм 60,3 км автомобиль жолларын асфальтлаў режелестирилмекте. Алып барылып атырған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде алдағы ўақытларда жолларымыз және де тегис болып, халқымызға қолайлықлар жаратылады деген нийеттемиз.
Сәўбетлескен: Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы