Усы жыл 9-10-декабрь күнлери Нөкис қаласында жергиликли журналистлер ушын «Мәлимлеме алыўды тәмийинлейтуғын нызамшылық тийкарлары» темасында еки күнлик тренинг өткерилди.

Онда «Anhor.uz» информациялық-аналитикалық сайтының бас редакторы ҳәм директоры, «Жылдың ең жақсы журналисти», «Алтын қәлем» сыйлықларының лауреаты Л.Исламова, Өзбекстан Республикасының журналистлери ҳәм блогерлери ушын юридикалық клиниканың юристлери М.Турсунова, И.Хамидовлар ғалаба хабар қураллары, журналистлер ҳәм блогерлердиң жумысының ҳуқықый тийкарлары ҳаққында мағлыўмат берди. Тренингте ғалаба хабар қураллары ҳәм журналистлердиң ҳуқықлары менен миннетлери, мағлыўматлар алыў еркинлигиниң нызамлы тийкарлары, ғалаба хабар қуралларында диффамация мәселелери, жас өспиримлер ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаўдың қағыйдалары, журналистлер жумысының әдеп-икрамлылық мәселелери, сондай-ақ, балалар темасын жарытыўда әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиў мәселелери додаланып, терең үйренилди. Қатнасыўшылар мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына, мәкеме ҳәм шөлкемлерге тийисли нызамшылық ҳүжжетлерине сораўлар таярлаў бойынша көнликпелерге ийе болды.

Тренинг Өзбекстан Республикасы журналистикасын раўажландырыў орайының Уллы Британияның Өзбекстандағы елшиханасы менен биргеликтеги «Өзбекстанда ғалаба хабар қуралларының еркинлигин қоллап-қуўатлаў ушын журналистлердиң ҳуқықый саўатлылығын арттырыў» темасындағы жойбарын әмелге асырыў шеңберинде өткерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.