ӨзА-Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў мақсетинде быйылғы 2019-жылда ғалаба хабар қуралларында ең белсене жарытылған, система жумысында ашық-айдынлықты көрсеткен, халық пенен ислесиўде нәтийжели табысларға ерискен мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер арасында таңлаў жәрияламақта. Таңлаў жәмийетлик сораў тийкарында «Ең үлгили аймақ», «Ең үлгили министрлик», «Ең үлгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкем» сыяқлы номинациялар бойынша сайлап алынады.

Кимлер қатнаса алады?

Бул таңлаўға ҳәзирги ўақытта ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда жумысы кеңнен жарытылған, халықтың күнделикли турмысында ең көп дусласатуғын системалар сайлап алынды.

  1. 1. Министрликлер
  2. 2. Комитет ҳәм агентликлер, жәмийетлик шөлкемлер
  3. 3. Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар

Таңлаўда қалай қатнасыў мүмкин?

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги — ӨзАның телеграм мессенджериндеги расмий каналы @uza_uz да жәрияланған дизимде көрсетилген шөлкемлерге даўыс бериледи.

Таңлаў қалай өтеди?

1-басқыш: Агентликтиң социаллық тармақлардағы бетлери арқалы ең көп даўыс топлаған шөлкемлер екинши басқышқа өтеди.

2-басқыш: Жеңимпаз журналист ҳәм блогерлер арасында өткерилетуғын сораўға тийкарланып анықланады. Буннан тысқары сораўға киргизилмеген системалар да журналист ва блогерлер тәрепинен өз алдына сайлап алынып, таңлаўдың қосымша номинацияларына усыныс етиледи.

Нәтийжелер қашан жәрияланады?

Жеңимпазлар Жаңа жыл алдында ең мүнәсип 3 системадан, яғный 3 биринши орын, 3 екинши орын, 3 үшинши орынға арнаўлы сертификат, ӨзА рәмзий статуэткасы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Сыйлықлаў мәресиминде жеңимпазлық шөлкемлердиң Баспасөз хызмети ўәкиллерине тапсырылады.

Социаллық тармақларда  ДАЎЫС БЕРИҢ!

 

ӨзА