Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында
2019-жыл 9-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өткерилди. Онда депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысына байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелерди көрип шықты. Мәжилисте депутатлардың итибарына екинши оқыўда усынылып, додалаў орайында болған әҳмийетли мәселелерден бири, әлбетте, «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы жойбары болды.
Усы жойбар менен қабыл етилип атырған жаңа редакциядағы Салық кодексиниң жойбары бойынша парламенттиң төменги палатасында Бюджет ҳәм экономикалық реформалар комитетиниң ағзалары, Мәмлекетлик бюджет басқармасының хызметкерлери ҳәм Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети жуўапкерлериниң қатнасыўында оғада кең ҳәм қызғын додалаўлар өткерилгенин атап өтиў керек.
Мәжилисте атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 29-июньдағы «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепция ҳаққында»ғы Пәрманында салық жүгин избе-излик пенен азайтыў, салық салыў системасын әпиўайыластырыў, салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм бир қатар системалы машқалаларды шешиў мәселелерине айрықша итибар қаратылған еди.
Және бир әҳмийетли тәрепи, мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл 28-декабрьде Олий Мажлиске Мүрәжатында жаңа редакциядағы Салық кодексинде мәмлекет раўажланыўының таянышы болған инсаплы салық төлеўшилерди хошаметлеў, жасырын жумыс алып барып атырғанлардың нызамлы жумыс алып барыўы ушын шараятлар жаратыў шәрт екенлигин айтып өткен еди. Онда пуқараларымыз салықтан қашыў емес, ал оны ўақтында төлеўден мәпдар болыўы керек екенлиги атап өтилген еди.
Мине усыларды есапқа алған ҳалда, жаңа салық системасын жаратыўда теңлик, әпиўайылық, анықлық ҳәм нәтийжелилик сыяқлы тийкарғы принциплерге тийкарланды. Усы мәнисте, Министрлер Кабинети тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизилген жаңа редакциядағы Салық кодекси ҳаққындағы нызам жойбары усы жылдың 26-ноябринде депутатлар тәрепинен биринши оқыўда концептуаллық жақтан қабыл етилгени бийкарға емес. Өткен ўақыт даўамында жойбар, дәслеп, парламенттиң төменги палатасындағы барлық сиясий партиялардың фракциялары, комитетлер ҳәм бир неше рет жумысшы топарлардың мәжилислеринде кеңнен додаланып, талап етилген дәрежеге жеткерилди.
Соның менен бирге, жойбар бойынша бир қатар шөлкем ҳәм мәкемелерде де қәнигелер, экспертлердиң қатнасыўында додалаўлар ҳәм таллаўлар өткерилди. Додалаўлар парламенттен аймақларға да өтип, республикамыздың барлық ўәлаятларында жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, жуўапкерлер, қәнигелер, экспертлер, исбилерменлер, ири салық төлеўшилердиң қатнасыўында кең жәмийетшиликти тартқа ҳалда, бир қанша семинарлар шөлкемлестирилди. Усы илажларда жойбардың ҳәр бир нормасы экономиканың барлық саласында макроэкономикалық турақлылыққа ерисиў, нәтийжеде, мәмлекеттиң раўажланыўын ҳәм халық мәплериниң үстинлигин тәмийинлеў көзқарасынан көрип шығылды. Мақсет – кодекс жойбарындағы ҳәр бир норманың әмелиятта тиккелей ислеўин тәмийинлеў, оның халықшыллығын арттырыўдан ибарат болып есапланады.
Қалаберсе, мәмлекетимиздиң тарийхында биринши рет бақланып атырған бул жаңалықларды исбилерменлер ҳәм бизнес ўәкиллери көп ўақыттан берли күтип атырған еди. Сол себепли, көплеген экспертлер салықларды есаплаў ҳәм төлеў механизмин жетилистириўге, салық нызамшылығында ҳуқықты қолланыўдың барлық тәртип-қағыйдаларын анықластырыў ҳәм тәртипке салыўға қаратылған нормалар жойбардан орын алғаны, өз гезегинде, дәслепки рет Салық кодекси менен тастыйықланып атырған салық нормалары ҳәм ставкаларының турақлылығын тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтпекте.
Ҳақыйқатында да, жаңа редакциядағы Салық кодекси усынылған нормалар, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерди максимал дәрежеде азайтқан ҳалда, тиккелей әмел ететуғын ҳүжжет сыпатында қабыл етилмекте. Сол себепли, жойбарда барлық салықлар бойынша ставкалар (акциз салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықтан тысқары) белгилениўи нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, салық нызамшылығы нормаларының қолланылыўын әпиўайыластырыў, ондағы қыйыншылықлар ҳәм түсинбеўшиликлердиң алдын алыў, инсаплы салық төлеўшилердиң мәплерин қорғаў, салық қадағалаўының түри ҳәм механизмлери, салық объектлери, салық төлеўшилердиң есабын жүргизиўди тәмийинлейтуғын МКТны кеңнен енгизиўге байланыслы бир қатар әҳмийетли жаңалықлар нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, салық қадағалаўының жаңа тәртиби (камерал тексериў, көшпели тексериў, салық аудити) усыныс етилмекте.
Тәўекелшилик-таллаў бағдарламасы енгизилмекте. Бул бағдарлама жумыс алып барып атырған барлық хожалық субъектлерин белгили нормалар тийкарында, қәўиплилик дәрежесине қарап, инсан факторысыз, автоматластырылған ҳалда 3 сегментке (жасыл коридор, сары коридор, қызыл коридор) ажыратады. Оған бола, қәўипсизлик дәрежеси төмен болған (жасыл коридор) кәрханалар салық тексериўлерин әмелге асыра алмайды ҳәм усы кәрханаларға жоқары дәрежедеги салық хызметлери көрсетиледи. Қәўипсизлик дәрежеси орташа болған (сары коридор) кәрханаларға тек ғана камерал салық тексериўи әмелге асырылады ҳәм усы кәрханаларға қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша есапты дүзетиў имканияты бериледи және оларға финанслық ҳәм ҳәкимшилик жариймалар қолланылмайды. Салықларды төлеўден бас тартыў, бухгалтерия ҳүжжетлерин ҳәм есап-санақ фактураларын қәлбекилестириў жағдайлары анықланған қәўиплилик дәрежеси оғада жоқары болған (қызыл коридор) кәрханаларға болса салық аудити тексериў илажлары әмелге асырылады. Өз-өзинен анық, бундай кәрханалар турақлы қадағалаўда болады.
Депутатлардың пикиринше, усы илажлар салық қадағалаўын әмелге асырыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеп, жүзеге келиўи мүмкин болған коррупция жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.
Жойбарда салық төлеўшилер ҳәм салық уйымларының ҳуқық ҳәм миннетлемелери анықластырылды. Салықты тексериў түрлери 13 тен 3 ке шекем қысқармақта.
Буннан тысқары, киргизилип атырған жаңалықларға бола, артықша өндирилген суммаларға ҳәр бир өткен күн ушын салық уйымлары тәрепинен салық төлеўшиге пеня төленеди. Сырт елли туристлер Өзбекстанда сатып алынған товарларға есапланған қосымша қун салығы (ҚҚС) «Tax free» принципи тийкарында қайтарылады. Мүлкти (хызметлерди) бийғәрез түрде тапсырыўда төленетуғын ҚҚС бийкар етилмекте. Мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам кәрханалар тәрепинен төленип атырған бирден-бир социаллық төлем 25 проценттен 12 процентке шекем түсирилмекте.
Жойбарда салық уйымлары тәрепинен салық төлеўшиниң банктеги есап бетлери бойынша операцияларды 30 күннен артпаған мүддетке тоқтатып турыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, салық салыў мақсетинде барлық келисимлер ҳәм салық төлеўши кирисетуғын басқа экономикалық қатнасықлар, олардың юридикалық жақтан рәсмийлестирилиўи усылына қарамастан, өзиниң ҳақыйқый экономикалық мазмунынан келип шыққан ҳалда есапқа алыныўы бойынша жаңа норма киргизилмекте.
Салық ҳуқықбузарлықларына жол қойып атырған исбилерменлик субъектлерине финанслық санкциялар қолланыў тәртиби қайта көрип шығылмақта.
Жаңа редакциядағы Салық кодексиниң жойбарында салық келиспеўшиликлерин судқа шекем шешиў тәртиби де анықластырылмақта. Яғный салық келиспеўшиликлерин судқа шекем додалаўды мәжбүрий өткериў тәртибин енгизиў нәзерде тутылмақта.
Улыўма етип айтқанда, мәжилисте жойбарда сәўлеленген усы ҳәм басқа да көплеген жаңалықлар, додалаўларда билдирилген ҳәм тиккелей парламенттиң төменги палатасы депутатларының усынысы менен киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында да ҳәр тәреплеме тоқталып өтти.
Атап өтилгениндей, жойбарды екинши оқыўға таярлаў процесинде парламент томенги палатасындағы сиясий партиялардың фракциялары, комитетлер мәжилислеринде, сондай-ақ, орынлардағы додалаўлар процесинде депутатлар, исбилерменлер, илимпазлар, экспертлер ҳәм қәнигелер тәрепинен 500 ден аслам пикир-усыныслар билдирилди. Бул усыныслар нызам интакерлери менен жумысшы топарларда көрип шығылып, жаңа редакциядағы Салық кодексиниң жойбарына 70 тен аслам аналитикалық ҳәм концептуаллық өзгерислер киргизилди. Соның ишинде, жойбардағы салық қарыздарлығын кешиктириў ямаса бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериў ўәкиллиги Мәмлекетлик салық комитетине усыныс етилиў усынылған еди. Додалаўларда кейин ири кәрханалардың салық қарыздарлығын кешиктириў ямаса салық төлеўшилер бойынша болса аймақлық финанс ҳәм салық уйымларының жуўмағы тийкарында халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесине берилиўи нәзерде тутылмақта.
Өткерилген додалаўларда парламент ағзалары тәрепинен қосымша қун салығын (ҚҚС) жетилистириў, пайда салығын тәртипке салыўшы нормаға өзгерислер киргизиў, қәрежетлердиң «экономикалық тийкарланғаны» ҳаққындағы анықсызлықларды шығарып таслаўға байланыслы бир қатар усыныслар билдирилген болып, олардың көпшилиги жойбарда сәўлелендирилди.
Улыўма етип айтқанда, жаңа редакциядағы Салық кодекси ҳаққындағы нызам жойбарын екинши оқыўда таярлаў процесинде оғада үлкен көлемли жумыс орынланды. Жойбар ҳәр тәреплеме жетилискен пуқта ҳалатқа келтирилди.
Мәжилисте жойбар екинши оқыўда баппа-бап, статьяма-статья көрип шығылды.
Додалаўлар ўақтында депутатлар тәрепинен бир қатар әҳмийетли пикир-усыныслар да билдирилди. Қызғын өткен сораў-жуўап ҳәм тартысыўлардан кейин жойбар даўысқа қойылды ҳәм «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети
ӨзА