USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МИЙЎЕ-ОВОЩ ЖЕТИСТИРИЎ КЛАСТЕРЛЕРИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 9-декабрь күни мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен кластерлер шөлкемлестириў, мийўе-овощ жетистириўдиң сапа ҳәм экспорт көлемин арттырыў мәселелерин додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Аграр тараўда зүрәәтлиликти ҳәм мийнет өнимдарлығын және де арттырыў мақсетинде Президенттиң пәрманы менен Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы қабыл етилди. Онда өндиристи диверсификациялаў, қолайлы агробизнес орталығын ҳәм жоқары қосымша қун шынжырын жаратыў, тараўда алынғы технологияларды қолланыў бойынша бир қатар әҳмийетли илажлар белгиленди.

Аўыл хожалығы тармақларында кластер системасы жақсы нәтийже бермекте. Атап айтқанда, соның нәтийжесинде пахташылыққа жаңа технологиялар кирип келди, өнимдарлық өткен жылға салыстырғанда 20-30 процентке көтерилди, материаллық мәпдарлық артты. Быйылғы мәўсимде пахта өниминиң 73 проценти пахта-тоқымашылық кластерлериниң үлесине туўра келди.

Мәмлекетимиздиң мийўе-овощ жетистириў тармағы да үлкен потенциалға ийе. Бирақ оннан ақылға уғрас пайдаланылмай атыр.

Статистикалық мағлыўматларға бола, елимизде жылына 21 миллион тоннадан аслам мийўе-овощ жетистириледи. Бирақ олардың тек ғана 1,5 миллион тоннасы экспорт етиледи.

Себеби сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы болған өним жетистирмеймиз. Бағ ҳәм жүзимгершиликлерде өнимдарлық оғада төмен. Мәселен, сырт мәмлекетлерде бир гектар интенсив бағдан 70-100 тонна, айырым мийўелерден 130 тоннаға шекем өним алынса, елимизде бир гектардан 10-30 тонна, дәстүрий бағ-жүзимгершиликлерден болса 4-5 тонна өним алынады.

Өнимди сайлап алыў, қадақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў бойынша 31 агрологистика орайы шөлкемлестирилген. Бирақ айланыс қаржыларының жетиспеўи ҳәм турақлы өнимниң жоқлығы ақыбетинде олардың көпшилиги ўақтынша ислеп, бар қуўатлылықлардан тек ғана 10-15 процент  пайдаланбақта.

Маркетингтиң жоқлығы, дүнья базарындағы жағдайдың үйренилмеўи ақыбетинде экспорт талапларына жуўап беретуғын өнимлер зәрүр муғдарда жетистирилмей атыр. Дийқан, қайта ислеўши ҳәм экспорт кәрханалар арасында системалы бирге ислесиў жолға қойылмаған. Тәжирийбели дийқан егинлерди өз билгенинше жайластырып, жетистирген өнимин сата алмай атыр, экспортёр болса мийўе-овощ излеп жүрипти. Бул сырт елли қарыйдарлар менен узақ мүддетли бирге ислесиўге унамсыз тәсир етеди.

Мәмлекетимиз басшысы сол себепли мийўе-овощ жетистириўде де кластер системасын жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти. Тараўда көп жыллық тәжирийбеге ийе, өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў инфраструктурасы бар исбилерменлерди оған тартыў жақсы нәтийже беретуғыны атап өтилди.

Жуўапкерлерге өним жетистириўши менен кластер кәрханасы арасындағы қатнасықларды ҳуқықый жақтан беккемлеў, еки тәрептиң де мәплерин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Дийқанларға материаллық ресурслар ҳәм аванс қаржыларын өз ўақтында жеткерип бериў, нәтийжелилиги төмен бағларды жаңалаў, өнимдарлықты арттырыў кластерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, кластер интакерлери ушын   қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў, өз гезегинде, кластерлер тәрепинен фермерлер ушын алдынғы технологияларды қолланыў, экспортқа жарамлы өнимлер жетистириў ҳәм өнимдарлықты арттырыў бойынша әмелий семинарлар өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ҳәр бир ўәлаяттағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелескен кафедралар шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Президентимиз кластерлер шөлкемлестириўде оларды айланыс қаржылар менен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратты. Жумысты жолға қойып аламан дегенше оларға финанслық жақтан жәрдемлесиў, атап айтқанда, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан зәрүр қаржылар ажыратыў илажлары белгиленди.

Кластерлер тәрепинен шөлкемлестирилетуғын интенсив бағ, жүзимгершилик ҳәм ыссыханаларды халық ҳәм исбилерменлерге жеңиллетилген шәртлер тийкарында бериў, бағлар өнимге кирип, ийеси дәрамат көремен дегенге шекем оларға кредит төлемлери бойынша жеңиллик жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Аўыл хожалығы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине ҳәр бир районда жетистирилетуғын өнимлердиң көлеми, түри, сапасы ҳәм экспортқа жарамлылығын терең таллаған ҳалда, егинлерди диверсификациялаў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы бос турған жерлер, жемиссиз бағ ҳәм жүзимгершиликлердиң орнына өнимдарлы плантациялар шөлкемлестириў, мийўе-овощларды экспортёрлардың талабы тийкарында жетистириў ҳәм экспортты кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа болыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тараў жуўапкерлери ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң мәлимлемеси тыңланды.

 

ӨзА