Бүгинги күнде тараў басшыларының халық арасына кирип, олардың машқалаларын тыңлаў, тиккелей сәўбетлесип, шешилмей атырған мәселелерин үйренип, оларды шешиў мақсетинде көшпели қабыллаўлары өткерилмекте.

Усы жыл 9-декабрьде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары – Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң директоры Т.Абдусаттаровтың басшылығында, тийисли тараў ўәкиллери менен бирликтеги гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда 19 пуқараның мүрәжаты тыңланды. Онда тийкарынан жер, кредит, напақа мәселелери, сондай-ақ, емлениў ушын жоллама алыў, майыплықты белгилеў сыяқлы социаллық мәселелер орын алды. Олардың айырымлары  сол жердиң өзинде өз шешимин тапты.

Атап айтқанда, пуқара В.Шалимованың емлениў ушын жоллама ҳәм Х.Ахмеджанованың майыплық арбашасын сораған мүрәжаты қанаатландырылып, оларға жоллама ҳәм майыплық арбашасы тапсырылды.

Ал, айырым мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.