Сайлаў – 2019

Нөкис қаласындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебинде Нөкис қалалық Кеңеси депутатлығына бес сиясий партия тәрепинен усынылған талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда талабанлардың өмир жолы  ҳәм алға қойған мақсетлери туўралы мағлыўматлар берилип, көрсетилген ўазыйпалар бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар өзлерин қыйнап киятырған машқалаларды мәлим етип, тилек ҳәм өтинишлерин билдирди.

– Күнниң кешки  пайытларында қаланы жақтыландырыў ушын орайлық көшелердеги электр үстинлерине жаңа заманагөй лампалар орнатылған. Бирақ, ишки көшелерде бул бойынша унамлы нәтийже бар деп айта алмайыз. Әсиресе, күндизги күнлери қысқа болатуғын ҳәзирги күнлерде буған талап күшли болады.

Сондай-ақ, көшелердеги абаданластырыў жумысларына да итибарды күшейтиў керек. Әсиресе, айырым пуқаралардың белгиленбеген орынларға шығындыларды таслаўы қоршаған әтираптың абаданшылығына унамсыз тәсир етип, денсаўлығымызға зыянын тийгизбекте.

Депутатларымыз усы машқалаларға итибар қаратыўын сорап қаламыз,-дейди пуқара Н.Fаипбаев. – Сондай-ақ, жасы үлкенлеримиздиң денсаўлығын тиклеў мақсетинде медициналық мәкемелерден ордер алыўында да әмелий жәрдем берилсе, мақсетке муўапық болар еди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.