Сайлаў – 2019  

2-санлы «Төрткүл» сайлаў округинен Исбилерменлер ҳәрекетиӨзбекстан либералдемократиялық партиясынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлығына талабан Равшан Мамутовтың райондағы «Өзбекстан» МПЖда сайлаўшылар менен ушырасыўы өткерилди.

Талабанның исенимли ўәкиллери оның өмир баяны, алға қойған мақсетлери туўралы мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Равшан Мамутов өз алдына Өзбекстан экономикасының бесекиге шыдамлылығын еле де арттырыўдың әҳмийетли ўазыйпасы сыпатында макроэкономикалық турақлылықты қоллап-қуўатлаў ҳәм турақлы өсиў пәтлерин тәмийинлеў мақсетинде базар реформаларын және де тереңлестириў, қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў арқалы экономикаға киргизилетуғын жеке инвестициялар көлеминиң жедел өсиўин тәмийинлеў сыяқлы мәселелерди қоймақта. Бул бойынша аймақлардың талабын, машқалаларын үйренип барыўды ең әҳмийетли жумыс, деп есаплайды. Себеби, аўылларда электр ҳәм газ тәмийнатында және бәнтлик мәселелеринде көплеген шешилмеген машқалалар бар.

Қатнасыўшылар талабанның платформасында көрсетилген ўазыйпалар бойынша пикир-усынысларын, тилек ҳәм өтинишлерин билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Усындай ушырасыў райондағы «Ақбаслы», «Аққамыс», «Пахташы» ҳәм басқа да пуқаралар жыйынларында болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.