Интернет тармағында жоқары оқыў орынлары студентлериниң қысқы дем алыс күнлери ҳаққында ҳәр қыйлы мағлыўматлар тарқатылмақта. Яғный, дем алыс күнлери усы жылдың 20-декабрь сәнесинен 2020-жылдың 5-январына шекем даўам ететуғынлығы көпшилик сайтлар ҳәм блоглар тәрепинен жәрияланбақта. Хабарларда бундай өзгерис 22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўлар себепли болғанлығы да атап өтилген.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, министрлик тәрепинен жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм академиялық лицейлер, профессионал және қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери оқыўшыларының қысқы дем алыс күнлерин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша ҳүжжет жойбары таярланған.

Хабарда жазылыўынша, бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилгеннен соң қосымша хабарлар бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.