Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы уйымлары тәрепинен быйылғы жылдың өткен 10 айы даўамында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелерине бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының орынбасары Р.Бауаддиновтың атап өткениндей, әнжуманды өткериўден тийкарғы мақсет әмелге асырылған жумысларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке жеткериў, солай етип, буннан былай да бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.

Прокуратура уйымлары тәрепинен «Белсенди инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»ның өткен дәўиринде халықты разы етиў ушын хызмет  етиўди жумыстың баслы нормасына айландырған ҳалда нызам үстинлигин тәмийинлеў, нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық және еркинликлерин, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаўға қаратылған айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Бул бағдардағы белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда елимиз басшысының «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен жоқары» принципи тийкарында, тийкарғы итибар исбилерменликти раўажландырыў арқалы жумыссызлықты сапластырыў, инвестицияларды тартыў, ҳуқықбузарлықтың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, профилактиканы күшейтиў, хызметкерлерди халыққа садықлық пенен хызмет етиў руўхында тәрбиялаўға қаратылды.

Атап айтқанда,  быйылғы жылдың өткен 10 айы даўамында нызамлардың орынланыўы бойынша өткерилген тексериўлер нәтийжесине қарай 2961 прокурор қадағалаўы ҳүжжети қолланылып, 3146 шахстың бузылған ҳуқықы тикленди. Прокурор протестлери тийкарында 357 нызамға қайшы ҳуқықый ҳүжжетлер бийкар етилди ҳәм 518 и нызамға муўапықластырылды. Прокурор тексериўлери ҳәм жынаят ислери тергеўи даўамында жеткерилген жәми 6,5 миллиард сумлық зыян ықтыярлы рәўиште өндирилди.

Бүгинги күнниң баслы машқаласы болған, мийнет ҳәм бәнтлик ҳаққындағы нызамлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша турақлы қадағалаў орнатылып, прокуратура уйымлары тәрепинен жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша штаблар шөлкемлестирилди. Ҳәр бир шаңарақ кесиминде жумысқа орналасыўға мүтәж шахслардың дизими алынып, мәпдар шөлкемлер менен биргеликте олардың бәнтлиги мәселеси шешилип келинбекте. Усы жылдың өткен дәўиринде бәнтликке көмеклесиў орайларына жумыс сорап мүрәжат еткен 48151 пуқарадан 28521 пуқара жумысқа орналастырылды. Жергиликли ҳәкимликлер ҳәм бәнтликке көмеклесиў орайлары менен биргеликте 132 мәрте мийнет ярмаркасы өткерилип, 3685 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

«Нөкис» еркин экономикалық зонасы бойынша улыўма баҳасы 16,2 миллион АҚШ доллары болған үш жойбар иске түсирилип, 430 жаңа жумыс орны жаратылды. Кәрханалардың толық иске түсиўи менен жылына 120,7 миллиард сумлық өним ислеп шығарылыўы, 4,2 миллион долларлық өнимниң экспорт етилиўи нәзерде тутылған.

Жаслардың бәнтлигин  тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыўда «Yoshlar-kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша быйылғы жыл ушын ажыратылған кредит қаржылары есабынан исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетин билдирген 82 жасқа 23,6 миллиард сум қаржы ажыратылып, жойбарлардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 240  жаңа жумыс орны жаратылды. Буннан тысқары, 431 жасқа 90 гектар жер майданы ажыратылып берилди. Қала ҳәм районларда 22 «Жаслардың мийнет гүзарын» шөлкемлестириў ушын имарат ҳәм жер майданы ажыратылып, инициатор исбилерменлер тартылды. Хожели районында ҳәм Нөкис қаласында «Жас исбилерменлер» кворкинг орайлары қурылмақта.

Өткен дәўирде 116  исбилерменге 67 миллиард 788 миллион сум кредит,  30 исбилерменге 398 гектар жер майданы, 9 исбилерменге бос турған имараттың ажыратылып берилиўинде, 13 исбилерменниң имаратларының коммуникация тармағына жалғаныўына, 38 исбилерменниң жумысындағы басқа да машқалалы мәселелердиң шешилиўинде әмелий жәрдем көрсетилди. Усындай жәрдемниң нәтийжесинде 148  исбилерменлик субъекти жаңадан шөлкемлестирилип, 783 жаңа жумыс орны,  88 исбилерменлик субъектиниң жумысы қайта тикленип, 132 жаңа жумыс орны жаратылды. «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 16938 шахстың исбилерменлик жумысын жолға қойыўы  ҳәм раўажландырыўы ушын 371 миллиард 835,8 миллион сум муғдарында кредит қаржысының ажыратылыўы тәмийинленди.

Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары жуўмағында тастыйықланған социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына киргизилген 793 жойбардан 523 жойбар толық әмелге асырылып, 4197 жаңа жумыс орны жаратылды. 270 жойбар тармақ кестесине муўапық әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликтиң додалаўына себепши болып атырған (резонанс) аймақ ҳәм тараўға тийисли  ҳалатлар үйренилип, оны жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде республика Прокуратурасының «Телегерам» каналы иске түсирилди. Баспасөз ҳәм интернет тармақлары арқалы аймақ ҳәм тараўға тийисли  болған 48 материал үйренилип, нәтийжеси бойынша тийисли мүнәсибет билдирилип, 5 жынаят иси қозғатылды ҳәм 3 ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында қарар қабыл етилди.

Әнжуман жуўмағында прокуратура уйымларының ғалаба хабар қураллары менен байланысларын буннан былай да беккемлеў ҳәм раўажлландырыў  бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.