Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилиси алдынан Олий Мажлис Сенаты комитетлериниң мәжилислери болып өтти.

Сенаторлар парламент жоқары палатасының жигирма төртинши жалпы мәжилисинде көрип шығылатуғын мәселелерди додалады.

Соның ишинде «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды. Мәмлекетлик бюджеттиң биринши мәрте нызам менен беккемленип атырғаны, бул ҳүжжет халықтың турмыслық дәрежесин буннан былай да жақсылаўы, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдағы орны бойынша сөз етилди.

Атап өтилгениндей, бул нызам Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы тәрепинен Өзбекстан Республикасының республика бюджети қәрежетлери, салық ҳәм жыйымлардың ставкаларын тастыйықлаў, усы нызамды әмелге асырыўға байланыслы болған бюджет процеси ҳәм бюджет дәрежелери арасындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетлерине бағдарланған.

Буннан тысқары, нызамда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерин, сондай-ақ, районлар ҳәм қалалардың бюджетлерин көрип шығыў ҳәм қабыл етиў, 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы бюджет системасы бюджетлериниң дәраматларын бөлистириў, Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджеттиң, ўәлаятлар ўәлаятлық бюджеттиң, Ташкент қаласы қалалық бюджетиниң және районлар ҳәм қалалар бюджетлериниң қосымша дәреклеринен пайдаланыў тәртиби, 2020-жылда Өзбекстан Республикасы бюджет системасы бюджетлериниң қәрежетлерин әмелге асырыўдың өзине тән өзгешеликлери тәртипке салынатуғыны атап өтилген.

Нызамның қабыл етилиўи болса Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслериниң орнын ҳәм жуўапкершилигин күшейтиўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, комитетлер мәжилислеринде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2019-жылдың III шерегиндеги орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң парламентке есабы да дәслепки тәризде додаланды.

Атап айтқанда, Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде мәмлекетлик қурылыс системасын жетилистириў тараўында әҳмийетли реформалар әмелге асырылған ҳәм олар өз нәтийжесин бермекте. Мәмлекетлик басқарыўда халықтың кеңнен  қатнасын тәмийинлеў шеңберинде «Mening fikrim» арнаўлы веб-порталы енгизилген. Мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплесиўи ҳәм орынланыўының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде «Openbudget» информациялық порталының жаратылыўы басқарыў системасының заманагөйлескен көрсеткиши болып табылады.

Мәжилислерде Министрлер Кабинети тәрепинен усы жылы мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги, бул бағдарда орынланыўы керек болған ўазыйпалардың орынланыўы талланып, пикир-усыныслар билдирилди.

 

ӨзА