Сайлаў-2019

Сайлаўлар – мәмлекет ҳәм жәмийет турмысында әҳмийетли орынды ийелеўши сиясий процесс есапланады. Мәмлекеттиң қай дәрежеде демократиялық принциплерге әмел етип атырғанлығын көрсетиўши өлшемлердиң бири сайлаўлар болып табылады. Соның ушын да, мәмлекетимизде декабрь айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлардың ҳәр қашанғыдан да ашық-айдын ҳәм әшкара өтиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Быйыл партиямыз ушын үлкен сынақ, тынымсыз мийнет етиў, излениў ҳәм үзликсиз ҳәрекет жылы. Өйткени, алдымызда сайлаў процеси ҳәм кампаниясы турыпты. Усы жылдың декабрь айында мәмлекетимизде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Алдымыздағы баслы ўазыйпалар ҳаққында айтқанымызда, жумысларымыздың тийкарын сайлаўда табыслы қатнасыўды тәмийинлеўге қаратылған жумыслар қурайтуғынлығын ҳәр биримиз, ҳәр қашан есимизде сақлаўымыз зәрүр. Соннан келип шыққан ҳалда, еки әҳмийетли ҳүжжет қабыл етилди. Бириншиси, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң 2019-жыл декабрь айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм онда мүнәсип қатнасыў бойынша илажлар Бағдарламасы. Екиншиси, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының 2019-жыл декабрь айында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаўларға таярлық көриў бойынша партия жумысларын раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў және Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының үгит-нәсият жумысларын және де күшейтиў бойынша Жол картасы.

Жол картасына тийкарланып, партияның ҚР Кеңесинде сайлаў штабы дүзилди. Бүгинги күнде сайлаў штабында “Депутатлыққа талабанлар базасын қәлиплестириў, таңлаў ҳәм сайлаў комиссиялары менен ислесиў топары”, “Сайлаўалды үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириў ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары” ҳәм “Партиядан депутатлыққа талабанлардың исенимли ўәкиллери, ҳуқықлы ўәкил ҳәм бақлаўшылар менен ислесиў” топарлары өз жумысын алып бармақта.

Демократиялық сайлаўлар – беккем демократиялық принциплердиң көриниси. Өз гезегинде сайлаў, мәмлекет ушын, сайланыўшы ҳәм сайлаўшылар ушын да ҳақыйқый сынақ болып есапланады. Себеби, мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, “Сайлаў процесслеринде бәршемиздиң, бәринен бурын дүнья қарасымыз, сиясий ҳәм ҳуқықый мәдениятымыз, пуқаралық позициямыз және бир мәрте сәўлеленеди”. Жаңа сайлаўлар биринши мәрте Сайлаў кодекси тийкарында өтеди. Соның ушын сайлаўларға ҳәзирден қызғын таярлық көриўимиз кереклигин түсинип турмыз.

Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге сайлаўларда сиясий партиялардың қатнасыў имканиятлары кеңеймекте. Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаўларда тек ғана сиясий партиялар депутатлыққа талабанлар көрсетиў ҳуқықына ийе болды.

Бул Кодекстиң қабыл етилиўи, ең алды менен, пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын қорғаўдың қосымша әмелий механизмлерин, сайлаў нызамшылығын системаластырыў, сайлаў процесиниң ашық-айдынлығы кепилликлерин күшейтиў имканиятын береди.

Бүгин елимизде бир неше сиясий күшлердиң жумыс алып барып атырғаны жәмийетте саламат бәсекини жүзеге келтирип, оларды ҳақыйқый гүреске шақырмақта. Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы бул процессте белсене қатнасып, ел нәзеринде болыўға, шын мәниде халық исенген партияға айланыўға ҳәрекет етпекте. Буған ерисиў ушын ең алды менен, партия заман тезлигине ҳәм бүгинги күн талабына сәйкес жумыс алып барыўы керек. Яғный, сиясий майданда қолы бәлент болыўы ушын партияға өзине тән, халыққа жақын, мәмлекет ҳәм жәмийет абаданлығына хызмет етиўши сайлаўалды Платформасы зәрүр болады.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы усы көзқарастан сайлаўалды Платформасын бүгинги күн талабы, сайлаўшылардың мүтәжлиги, халықтың машқалаларын есапқа алған ҳалда жаңалады. Бул ушын орынларда дебатлар шөлкемлестирилип, партия ағзаларының, депутатлардың, партия белсендилериниң, эксперт ҳәм қәнигелердиң усыныслары алынды.

Атап айтқанда, усы жылдың 8-август күни Нөкис қаласында партияның сайлаўалды Платформасы жойбарын додалаўға бағышланған дебат шөлкемлестирилди. Онда партияның буннан 5 жыл бурын қабыл етилген Сайлаўалды платформасы ҳаққында пикир-усыныслар билдирилип, Сайлаўалды платформадан шетте қалған ҳәм бүгинги күн ушын үлкен әҳмийетке ийе болған ўазыйпалар додаланды. Партия Сайлаўалды платформасының ҳәр тәреплеме жетик болыўын тәмийинлеў ушын миллетимиздиң мәдений өзине тәнлигин сақлаўды тәмийинлеў, қәўипсиз мәлимлемениң раўажланыўы ушын ҳуқықый тийкар жаратыў, өндирис ҳәм басқарыў процесслери нәтийжелилигин арттырыў, гендер теңлигин тәмийинлеў, билимлендириў, илимниң, инновациялық қолланбалардың раўажланыўына хызмет ететуғын беккем платформаларды қәлиплестириўге қаратылған мақсет ҳәм ўазыйпалар анық сәўлелендирилиўи керек.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық шеңберинде усы жылдың 13-октябрь ҳәм 12-ноябрь күнлери Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында “Бирмиз. Қолды қолға беремиз!” сүрени астында үгит-нәсият илажы өткерилди.

Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының идеялары ҳәм мақсетлерин халықтың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда партиянын Орайлық, Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслериниң басшылары, партияның Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине ӨзМТДПдан сайланған депутатлар, партия белсендилери, жаслар, атақлы көркем өнер хызметкерлери, белгили спортшылар, мәденият ҳәм театр хызметкерлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар “Жаңа Өзбекстан, Жаңа сайлаўлар” сүрени менен өтетуғын быйылғы сайлаў, ең алды менен, халқымыздың мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысларында өз ўәкиллери арқалы қатнасыўы ушын Конституцияда белгиленген ҳуқықын әмелге асырыў әҳмийетли демократиялық процесс екенлигине итибар қаратты.

Бундай илажлар барлық қала ҳәм районларда өткерилмекте.

Қала берсе, барлық дәрежедеги ўәкиллик уйымларына партиямыздан усынылған депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушыасыўлары өткерилмекте. Бул ушырасыўларда сайлаўшыларға партиямыздың мақсет-идеялары ҳәм талабанлардың сайлаўалды Бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар ҳаққында кеңнен түсиник берилмекте.

Өткерилип атырған сайлаўалды илажларымызда заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиўди мақсет еткенбиз.

Сайлаўға тийисли PR технологиялар ҳәм интервью бериў қағыйдалары, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба хабар қураллары менен нәтийжели бирге ислесиў бул илажларды мәлимлеме технологиялары ҳәм социаллық тармақлардан пайдалана алыў арқалы нәтийжели алып барыўымыз болажақ сайлаўда мүнәсип қатнасыўымызда үлкен әҳмийетке ийе.

Тәжибай Романов,

Өзбекстан “Миллий тикланиш”

демократиялық партиясы

Қарақалпақстан Республикалық

Кеңесиниң баслығы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги