Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы, Халық билимлендириў министрлиги, министрликке қараслы Республикалық мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен Қарақалпақстан көлеминде «Китапқумар оқыўшы» таңлаўы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған 5 басламаны кең түрде әмелге асырыў мақсетинде өткерилген таңлаўдың биринши басқышында қала ҳәм районлардағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 5-6-класс оқыўшылары қатнасқан болса, екинши басқышы 7-8-класс оқыўшылары арасында өткерилип, жеңимпазлар қалалық ҳәм районлық көлемде анықланды. Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына 9-10-11-класс оқыўшылары топар болып қатнасыў ҳуқықына ийе болып, онда оқыўшылар еки шәрт – тақмақлар айтып ҳәм сораўларға жуўап бериў бойынша беллести. Ҳәр бир шәрт 50 баллға шекем баҳаланды.

Республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 40 тан аслам оқыўшы қатнасқан республикалық басқышта ҳәр бир топар тәрепинен таңлап алынған бир оқыўшы тақмақлар айтыў шәртинде топарының абырайын қорғады. Соң топар ағзалары қарақалпақ жазыўшыларының шығармаларынан келтирилген үзиндилерди қайсы шығармадан екенлигин ҳәм авторын табыўы керек болды. Қызғын бәсекилерге бай болған беллесиўди Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының балалар әдебияты кеңеси, Халық билимлендириў министрлиги Оқыў-методикалық орайы филология секторының баслықларынан, белгили жазыўшы ҳәм шайырлардан ибарат төрешилер қурамы әдил баҳалап барды.

Баҳалаўлар нәтийжесине бола, биринши орынды Шымбай, екинши орынды Қоңырат ҳәм үшинши орынды Нөкис районларының оқыўшылары жеңип алды. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң диплом ҳәм саўғалары тапсырылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.