Нөкисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларда жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде «Жас сайлаўшы – 2019» жаслар форумы болып өтти.
Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген илажда жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми жетекшилери ҳәм белсендилери, сиясий партиялардың «Жаслар қанаты» ағзалары, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў орынларының студент-жаслары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, «Жаслар орайы» фойесинде сиясий партиялардың сайлаўалды көргизбеси шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларына мотивациялық руўхтағы «Шегарасыз» социаллық роликлер, «Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен жәрияланған таңлаўда қатнасыў ушын аймақ жаслары тәрепинен таярланған роликлер ҳәм Нөкис қаласындағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларынан ибарат квартет топарының музыкалы шығыўлары усынылды.
Форумда Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң бас қәнигеси Ш.Хонимов, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы Халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Ембергенов, Нөкис қалалық Әдиллик бөлиминиң аға мәсләҳәтшиси З.Базарбаева, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары И.Адбикаликовлар болажақ сайлаўларға таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, быйылғы сайлаўлардағы өзгерислер, Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм сайлаў процесине байланыслы басқа да мәселелер бойынша кең түрде түсиник берди.
Бүгинги күнде Республикамызда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 425 сайлаў округинде сайлаўды аўызбиршилик пенен өткериў ушын барлық шараятлар жаратылған. Депутатлыққа талабанлардың дизими ғалаба хабар қуралларында жәрияланды. Олардың арасында жаслар да бар.
Илаж шеңберинде қатнасыўшылардың сайлаў процесине байланыслы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде, тараў қәнигелери тәрепинен семинар-тренинг шынығыўлары, сиясий партиялардың «Жаслар қанаты» ағзалары арасында «Мунозара» таңлаўы болып өтти. Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда, жаслардың сиясий ҳәм ҳуқықый билимлерин арттырыўдағы ҳәм илажды жоқары дәрежеде өткериўде көрсеткен белсендилиги ушын сиясий партиялардың «Жаслар қанаты» ҳүрмет жарлығы, «Мунозара» таңлаўында белсене қатнасқан 15 жасқа китаплар топламы саўға етилди.Сондай-ақ, «Ўатан келешеги ушын даўыс беремиз!» темасында флешмоб шөлкемлестирилди.
– Бул илаж Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы арасында усы жылдың июнь айында қол қойылған бирге ислесиў меморандумы шеңберинде өткерилди, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Муса Альжанов.
Илаж қатнасыўшылары ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткеретуғын 1-Нөкис сайлаў округине, Қарақалпақстан Республикасы мәденияты ҳәм тарийхы мәмлекетлик музейине саяхат шөлкемлестирилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.