Тақыятас районындағы 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде оқыў-семинар болып өтти. Оған райондағы барлық жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәм қәнигелери, имам-хатиблер, улыўма билим бериў мектеплери директорларының орынбасарлары, жаслар жетекшилери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Семинарда, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары А.Примбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы Кеңеслериниң усы жыл  14-сентябрьдеги «Той-мерекелер, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, өлгенлердиң руўҳына бағышланған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы қоспа қарарында көрсетилген ўазыйпалар туўралы толық мағлыўмат берди.

– Илажда ҳәзирги пайытта өткерилип атырған айырым тойлардағы, ҳәттеки, қайтыс болған туўысқанының намазында жол қойылып атырған ысырапкершиликлер додаланып, усындай жағдайлардың алдын алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди,-дейди районлық Мәҳәлле кеңеси баслығының диний-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Сейтназаров. – Қоспа қарарда көрсетилген ўазыйпалар терең түсиндирилип, районда бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар келисип алынды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.