Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 23-август күни халық билимлендириў системасын раўажландырыў, педагоглардың тәжирийбесин ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде билимлендириў системасын реформалаў бойынша министрликке әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жумысшы топарлар дүзилип, олардың жәрдеминде мектеплердеги тәлим-тәрбияның мазмуны, оқыў бағдарламалары, оның сапасы ҳәм оқыў қолланбалары менен тәмийинлениўи, педагоглардың билим ҳәм тәжирийбе дәрежеси, оқыў орынларының қурылыўы, оқыў процесине ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларының жуўапкерлиги сыяқлы билимлендириўдиң сапасына тәсир ететуғын бир қатар факторлар үйренилетуғын болды.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде усы жумысшы топардың мәжилиси өткерилип, оған министрликтиң жуўапкер хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының ректорлары, проректорлары ҳәм профессор-оқытыўшылары қатнасты. Онда Қарақалпақстан Республикасының Халық билимлендириўи системасында реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў бойынша республика жумысшы топары ағзалары республикамыздың 17 қала ҳәм районына бириктирилип, өз жумысын баслады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.