Бажыханашылар тәрепинен дерлик ҳәр күни, елимизге ҳәр қыйлы көринистеги товар-материаллық байлықларды жасырын жоллар менен алып кириўге байланыслы фактлер анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, жақында, «Даўыт ата» шегара бажыхана постына пияда кирип келген пуқара А.З. белгиленген тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, оның қол жүклериниң арасынан тийисли ҳүжжетлерисиз, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкерлериниң аўызша сораўында айтып өтилмеген бир дана ушыўшысыз ушыў аппараты бар екенлиги анықланған.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасының усы жыл 2-май күнги «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ӨРН-534-санлы нызамының 1-cтатьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси 2444-cтатьясы менен толықтырылған. Онда ушыўшысыз ушыў аппаратларын нызамсыз түрде алып кириў, өткериў, алыў, сақлаў ямаса олардан пайдаланыў бойынша жынайый жуўапкершилик белгиленген. Усы нызамның 1-статьясы 2019-жыл 4-ноябрьде әмелге киргизилди.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы факт бойынша сорастырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.