Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы тәрепинен «ЭКОСАН» қорына тапсырылған мәмлекетлик социаллық буйыртпаны әмелге асырыў ушын қордың ўәкиллери Нөкис қалалық медицина бирлеспесине келди.

«Қарақалпақстан Республикасында халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, жас аналардың ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў, ҳәмледар ҳаялларға ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге толық перинатал жәрдемди көрсетиў ушын интенсивлик терапияны әмелге асырыў инкубаторы ҳәм баланың дем алыўын нормалластыратуғын медициналық аппаратларды орнатыў» жойбары шеңберинде «ЭКОСАН» қоры тәрепинен Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлимине нәрестелерде интенсивлик терапияны әмелге асыратуғын 2  инкубатор, нәрестелер ушын арналған 2 тәрези,  бир фототерапия ҳәм нәрестелердиң дем алыўын нормалластырыўшы медициналық аппарат жәми 300 миллион сумлық әсбап-үскенелер алып келинип, орнатылды.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде Нөкистеги шаңарақлық поликлиникаларда жас аналардың ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў бойынша үгит-нәсият илажларын нәтийжели өткериў мақсетинде өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде 4 түрдеги реңли плакатлар менен 6 түрдеги буклетлер ислеп шығылып, илаж даўамында қатнасыўшыларға тарқатылды.

– Қарақалпақстанда буннан бурын да «ЭКОСАН» қоры тәрепинен усындай қайырқомлық илажлары әмелге асырылған. Бул жойбар болса, тийкарынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржылай жәрдеми тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте нәтийжели әмелге асырылмақта, – дейди «ЭКОСАН» экологиялық ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик қоры Басқарма баслығының орынбасары К.Жураев. – Нөкис қалалық медицина бирлеспесине орнатылған медициналық әсбап-үскенелер келешекте саламат ҳәм бәркамал әўладты қәлиплестириўде өз үлесин қосады, деген үмиттемиз.

– Республикамызда аналардың ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў мақсетинде «ЭКОСАН» қоры тәрепинен медицина бирлеспемизге жүдә зәрүрли болған аппаратлар алып келинди ҳәм орнатылды, – дейди Нөкис қалалық медицина бирлеспеси туўыў бөлиминиң жоқары категориялы шыпакер-неонатологи С.Ережепова. -Әҳмийетли тәрепи, туўыў бөлимимиз шала туўылған баланың температурасын нормада услап туратуғын, ананың қарнындағыдай шараятты жаратып беретуғын, баланың денсаўлығын тиклейтуғын, жаңа туўылған нәрестелерде сары аўырыў кеселлигин емлеўде жәрдем беретуғын ҳәм дем алыўдың бузылыўы синдромы менен кеселленген балаларда дем алыў жолларын ашып бериўге жәрдем беретуғын медициналық үскенелер менен тәмийинленди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.