22-25-ноябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Алматы  қаласында өткерилген «Уллы дала ели» атамасындағы халықаралық жыршылар фестивалына жерлесимиз Қарақалпақстан Республикасы халық жыраўы Бақберген Сырымбетов қарақалпақ терме-толғаўлары менен қатнасып қайтты.

Фестивальға 10 нан аслам мәмлекетлерден ўәкиллер қатнасты.

-Бул фестивальға ҳәр жыл сайын қатнасаман. Туўысқан қазақ халқы бизлерди жақсы күтип алады. Фестивальға түркий тиллес халықлардан устазлар қатнасты, олар менен биз мудамы дилмашсыз сәўбетлесемиз. Олар Қарақалпақ фольклоры ҳаққында өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирди, – дейди Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң «Миллий музыка» бөлиминиң жетекшиси Бақберген Сырымбетов.

Мағылыўмат орнында айтып өтпекшимиз, 28-31-октябрь күнлери аралығында  Қазақстан Республикасының  Алматы қаласында өткерилген «BRAVISSIMO»  атамасындағы 3-халықаралық фестивальнда шәкирти Зинатдин Нуратдийнов 1-орынды ийелеп қайтқанда устаз жыраў Бақберген Сырымбетов «Миннетдаршылық дипломы» менен сыйлықланған еди.

Биз устаз жыраўдың ерискен жетискенлиги менен қутлықлаймыз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы