Суўдың алыс-бериси бир суткада кеминде еки рет азанғы саат 7:00-8:00 ҳәм кешки саат 18:00-19:00 аралығында алып барылады.

«Qalampir.uz»дың берген хабарына бола, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Суў ресурслары есабын жүргизиў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жайластырылды, деп жазады aniq.uz сайты.

Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-июльден баслап барлық категориядағы (коммуналлық суў тәмийнаты системасынан тысқары) суўдан тутыныў ҳәм пайдаланыў ҳаққындағы есабатлар «Суўдан пайдаланғанлығы ҳаққында» уйымлық статистикалық 2-ТП (суў хожалығы) формасы тийкарында қатаң түрде электрон тәризде жүргизиледи.

Сондай-ақ, суўдан пайдаланыўшылар – ҳәр күни саат 18:00 ге шекем алған суўдан қандай мақсетте пайдаланғаны, қандай егинди, қанша гектарды суўғарғаны ҳәм суўды басқа мақсетке жумсағаны ҳаққында суўдан пайдаланыўшылар ассоциациясына мағлыўмат береди.

Суўдан пайдаланыўшылар ассоциациялары ҳәр күни кешки саат 18:30 ға шекем қайсы дәректен қанша суў алғаны, оны қайсы суў пайдаланыўшыларына қаншадан бөлистирип бергени ҳәм бул суў қандай мақсетлер ушын қалай пайдаланғанлығы, суўдан пайдаланыў коэффициенти ҳаққында районлық ирригация бөлимине мәлимлеме берип барады.

Ҳәр он бес күнде районлық ирригациялық бөлими менен алынған суў муғдары ҳәм оннан қалай пайдаланғанлығы ҳаққында өз-ара актлер дүзеди.

Ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша 10 күн ишинде районлық ирригация бөлимине олар менен келисилген тәризде белгиленген түрде есабат береди.

Район (қала)лық ирригация бөлимлери ҳәр күни кешки саат 19:00 ге шекем ҳәр бир суў дәрегинен алған суўы, экономика тармағына, суўдан пайдаланыўшылар ассоциациясына қаншадан бергени ҳәм олар суўды қандай мақсетте пайдаланғаны, суўдан пайдаланыў коэффициенти ҳаққында мағлыўматларды ирригация системалары бассейн басқармасына, көширмесин тийисли Ирригация системасы басқармасына усынады.

Ирригация системасы басқармасы – ҳәр күни кешки саат 20:30 ға шекем ҳәр бир суў дәрегинен алған суўы, оны қайсы районға, экономика тармағына, суўдан пайдаланыўшылар ассоциациясына қаншадан бергени ҳәм олар суўды қандай мақсетте пайдаланғаны, қанша суў қайсы суў объектине жиберилгени, суўдан пайдаланыў коэффициенти ҳаққында мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Ирригация системалары бассейн басқармасына усынады.

Ҳәр он күнде тийисли магистраль канал (система) ҳәм ирригация системалары бассейн басқармасы менен алған суўлары және олардан қалай пайдаланғанлығы ҳаққында өз-ара актлер дүзеди.

Ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша 10 жумыс күн даўамында ирригация системалары бассейн басқармасына белгиленген тәртип ҳәм түрде есабат береди.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигине Ирригация системалары бассейн басқармасы – Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигине ҳәр күни кешки саат 21:00 ге шекем ҳәр бир суў дәрегинен алған жәми суўы, оны қайсы магистраль каналға, ирригация системасы басқармасына, ўәлаятқа, районға, экономика тармағына қаншадан бергени ҳәм олар тәрепинен суў қандай мақсетлер ушын пайдаланғаны ҳаққында, қанша суў қайсы бассейнге жиберилгени, суўдан пайдаланыў коэффициенти ҳаққында жазба түрде күнделикли мағлыўмат берип барады.

Ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша 10 жумыс күн даўамында Суў хожалығы министрлигине белгиленген тәртип ҳәм түрде есабат усынады.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм ирригация системалары бассейн басқармалары, айрықша әҳмийетке ийе болған барлық суў хожалығы шөлкемлери ҳәр күни азанғы саат 7 де ҳәм кешки саат 22 де суў хожалығы системасы ҳәм объектлериниң ағымдағы жағдайы ҳаққында оператив мағлыўматларды телефон  арқалы Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Орайлық диспетчерлик хызметине жеткерип турады.

Суў ресурсларының есабы ҳәм балансын жүргизиўди дүзиў ушын суў хожалығы шөлкемлери, суўдан пайдаланыўшылар ассоциациялары ҳәм суўдан пайдаланыўшылар өз-ара суўдың күнделикли алыс-берис қатнасықларын жүргизеди.

Суўды жеткерип бериўшилер ҳәм суўдан пайдаланыўшылар арасында суўдың алыс-бериси бир суткада кеминде еки рет азанғы саат 7-8 ҳәм кешки саат 18-19 арасында алып барылады.

Жойбар ҳәзирги ўақытта додалаўға қойылған болып, оған өзгерислер киргизилиўи ҳәм оннан бас тартылыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги