Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳүрметли ата-аналар!

Қәдирли жаслар!

Жанажан Өзбекстанымыз миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай жоқары исеним менен үлкен жолға шықты. Мәмлектимиздиң барлық аймақларында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәр биримиздиң абаданлықта, турмыстан разы болып жасаўымызға қаратылғаны әйне ҳақыйқат! Сол себепли де арамызда реформалардың белсенди қатнасыўшылары көбейип атыр.

Бирақ оның өзи жетерли емес. Ҳәр биримиз өзимизге сораў берейик: бизлердиң мине усы жедел өзгерислерге қатнасымыз қандай? Бул үлкен дөретиўшилик ҳәрекетинде өз орнымызды таўып алдық па? Шүкиршилик етип бул жумысларға мүнәсип үлесимизди қосып атырмыз ба?

Неге айырым шаңарақларда мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик жоғалып, өз-ара қатнасықларға мәп, дәмегөйлик қосылып атыр? Неге өз баласының тәрбиясына немқурайдылық пенен қарайтуғын ата-аналар көбейип атырғанына үндемей қарап турмыз?! Ақыры ўатанымыздың келешеги – перзентлердиң тәрбиясына, камалға келиўине байланыслы емес пе?

Бизде әзелден әке әдил пикири, ҳақ сөзи, үлгиси менен шаңарақтың үстини, ҳүжданы болып келген. Бийкарға халқымыз «Әке разы – қудай разы» деп айтпаған. Бүгин айырым шаңарақларда мине усындай әкелердиң орны, ҳикмети сезилмей атыр. Шаңарақлық қатнасықларда руўхый-әдеп-икрамлылық қатнасықлардың бузылып атырғаны, шаңарақтағы ажырасыўлар, жынаятлар, мүлкке байланыслы келиспеўшиликлердиң көбейип атырғаны ҳәммемизди тәшўишке салады.

Күйеўи ҳаялына, ҳаялы күйеўине қастыянлық етиўине байланыслы жағдайларға неге бийпәрўа қарап турамыз? Перзенттиң ата-анасына, аға-инисине қол көтериўи бизлер ушын уят емес пе?! Бул жағдайдан ондай шаңарақлардың жети ата-бабасына ғарғыс тиймей ме? Өз баласын сатпақшы болған айырым мүнәсип болмаған ҳаяллар Ана деген уллы ат, уллы меҳир ҳәм қәдириятты аяқ асты етип атырған жоқпа? Ең жаманы, бизлер бундай аянышлы көринислерге барған сайын көнлигип атырғанымызда!

Турмыс қурып атырған жигит-қызларымыз еркин өмирге таяр ма? Шаңарақтың жүги, жуўапкершилигин сезип атыр ма? Барған сайын артып баратырған ажырасыўлардың саны неге бизлерди тәшўишлендирмей атыр?

Әзизлер адасқанларға ермейик!

Бизлер әсирлер даўамында ақылы, жоқары мәнаўияты, инсаныйлық қәдириятлары менен басқаларға үлги болып келген халықпыз. Тилекке қарсы, бүгин той, мәресимлеримизде де мәниссиз арзыў-нийетлер, ата-бабаларымыз әмел еткен үрп-әдетлерге ҳүрметсизлик, руўхый нормалардан жырақ, артықша дәбдебепазлыққа, биле тура ериў көбейип бармақта.

Қашаннан берли мийрим-шәпәәт, әдеп-икрамлылық түсиниклери бизге жат болып қалды? Айырым жасларымыздағы бийпәрўалық, жуўапкерсизлик, мийнеттен қашыў сыяқлы иллетлерге қашанға шекем тамашагөй болыў мүмкин?! Айрым ата-аналардың баласы қай жерде, ким менен, не ислеп атырғанына қызықпаўы Жаратқанның берген жемисине шүкиршилик етпеў емес пе?!

Бул иллетлерди сапластырыў мәҳәллелердеги ҳәр бир ийман ҳәм ҳүждан ийесиниң пуқаралық ўазыйпасы болып есапланады.

Әзиз ўатанласлар!

Миллетти алаң етип атырған, мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық етип атырған иллетлерге жәмийетлик қадағалаўдың сын найзасы менен бизлер – өзимиз шек қоймасақ, бүлинген шаңарақлар, жетим қалған нәрестелер, көшеде қалған жалғыз баслы аналардың кеўлиндеги жарақатлары, бир қарыннан таласып түскен аға-ини, апа-сиңлилердиң турмыс жынаятларын жоғалтып болмайды.

Әзизлер!

Балаларымыздың бахтын ысырапгершилик той, сарпай, қәделерге алмастырмайық! Халқымыз «Епли келин – сепли келин» деп бийкарға айтпаған. Бахыт – мүлк пенен өлшенбейди. Шаңарақларда арзымайтуғын майда-шүйделерден басланып, ажырасыў менен жуўмақланатуғын, бийгүнә нәрестелерди «тири жетим» ететуғын жәнжеллерге себепши болып қалыўдан тоқтайық!

Тойларды дәўиримизге, жоқары миллий мәдениятымызға тән, ақылға уғрас, артықша дәбдебелерсиз, ысырапгершиликсиз, ықшам етип өткерейик. Мийнет етип тапқан қаржыларымызды босқа жумсамайық, үнемлеп, балаларымыздың камалы, келешеги жолында жумсайық!

Келиң, шаңарақ, мектеп ҳәм мәҳәллелердиң бирге ислесиўин әмелде жолға қояйық. Ҳәммемиз бирлесип, «Бир балаға жети қоңсы ата-ана» екенлигин әмелде көрсетейик!

Уллы бабамыз Әлийшер Наўайының

Илим менен жердиң жүзин абат ет,

Әдеп, қулқың менен халқыңды шад ет!

деген сөзлери жасларымыз ушын жол көрсетиўши жулдыз ўазыйпасын атқаратуғын ўақыт келди.

Әзиз аўылласлар!

Қойымшылықларға итибарсызлық – ата-бабаларымызға ҳүрметсизлик болып есапланады. Солай екен, ийгиликли ҳәм саўаплы ислерге ҳәр биримиз ҳүжданлы түрде үлес қосайық!  Ислеген жумысларымызды бул өмирди тәрк еткен ата-бабаларымыз, ата-аналарымыз, жақынларымыздың тири ўақтында еткен хызметлеримиздиң даўамы болсын, деп нийет етейик!

Ҳәр биримиз мине усындай қайырлы, саўаплы жумысларда бас-қас, бир-биримизге қолқанат болайық! Бул жолда қоңсыларымызға, кәсиплеслеримизге, жәмәәтимиздегилерге, мәҳәллеге үлги болайық!

Ўатанымыз миллий раўажланыўға қарай исенимли қәдем таслады. Бизлер исенемиз, Өзбекстан 2030-жылға барып, әлбетте, дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарынан орын ийелейди. Бул ушын ҳәр биримиз жанымызды пидә етип ҳәм Ўатанға садықлық пенен  хызмет етиўимиз керек. Бул ҳақыйқатты жәҳәнниң раўажланған мәмлекетлериниң тарийхы да тастыйықлап тур.

Үйимиз, мәҳәллемиз, ҳәттеки социаллық тармақларда да руўхый пәклик, гөззал қәдириятлардың даўамлылығы ушын гүресейик! Сергек, қырағы, аўызбиршиликли болайық!

Тынышлығымызды, татыўлығымызды, миллий бирлигимизди, саламат өзбек миллетине тән руўхый орталығымызды көре алмайтуғын ҳәр қандай бузғыншы күш ҳәм тәсирлерге қарсы маўасасыз гүресейик!

Бүгин ҳәр бир жәмийетлик шөлкем өз жумысын сын көзқарастан таллап, бирге ислесиўдиң жаңа, әмелий басқышына шығыўы зәрүр. Бул ушын жәмийетлик шөлкемлердиң, бәринен бурын, ең төменги классларды оятыўымыз шәрт. Онда әлбетте, сизлер, жәмийетлик белсенди ўатанласларымыздың пидәкерлигиңизге сүйенемиз.

Умытпайық!

Өзимиз аўызбиршиликли болып, бир жағадан бас шығарып, машқалаларды шешпесек, ҳеш ким сырттан келип оларды шешип бермейди. Өзбекстан қутлы үйимиз, бул үйдиң абаданлығын, тынышлығын тәмийинлеўге, абырай-мәртебесин сақлаўға ҳәр биримиз жуўапкермиз!

Қарақалпақстан хабар агентлиги