Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылған болып, онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Жаслардың сайлаў нызамшылығы, сайлаў процеси, депутатлыққа талабанлығын қойыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин, сайлаў процесинде жаслардың тиккелей қатнасыўы ҳәм белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, ҳуқықый үгит-нәсиятлаў бағдары бойынша Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жанынан волонтёрлардан ибарат  үгит-нәсиятлаўшы – тренерлер топары шөлкемлестирилген болып, олар өз гезегинде Сайлаў кодексиниң мазмун-мәнисин, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин түсиндириўде мәҳәллелерде, мийнет ҳәм оқыў орынларында үгит-нәсиятлаўшыларға жәрдем бермекте.

Усындай илажлардың бири Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалында өткерилип, ушырасыў даўамында жасларды депутатлыққа таярлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мәмлекеттеги социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге жасларды кеңнен тартыў, ел тәғдирине жуўапкершилик сезимин арттырыўға айрықша итибар қаратылды. 230 дан аслам жаслар қамтып алынған илажда үгит-нәсиятлаўшы – тренерлер жасларды болажақ сайлаўларға байланыслы жаңалықлар менен таныстырды.

– Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы арасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм жаслардың сайлаў процесинде белсене қатнасыўын тәмийинлеў бағдарында бирге ислесиў бойынша қоспа илажлар бағдарламасы тастыйықланды, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Муўса Альжанов. – Сол бағдарламаға бола, волонтёрлар Ташкент ўәлаятының Бостанлық районына жиберилип, системалы оқытылды, олардың сайлаўға байланыслы билим ҳәм көнликпелери арттырылды, сайлаў нызамшылығын халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, үгит-нәсиятлаўшы – тренерлер  Нөкис қаласындағы 1-сайлаў округине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де сайлаўға байланыслы түсиник жумысларын алып барды. Илажда сиясий партиялардың сайлаўалды платформасы, талабанлардың сайлаўалды бағдарламасы, быйылғы сайлаўдағы өзгешеликлер бойынша қатнасыўшылар зәрүрли мағлыўматларға ийе болды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.