Бухара ўәлаятында «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде өткерилген «Ағартыўшылық зиялылары» таңлаўында Елликқала қәнигеслестирилген көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы Шахноза Шарипова жеңимпазлықты қолға киргизди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына  бағышланып Бухара ўәлаятында еки күн даўамында «Мәнаўият фестивалы» болып өтти. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы ҳәм «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда түрли мәдений ушырасыўлар, соның менен бирге үгит-нәсиятшылар арасында таңлаўлар өткерилди.

Солардың бири «Ағартыўшылық зиялылары» таңлаўы болып табылады. Онда  Президентимиздиң басшылығында бүгинги күни елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, дөретиўшилик жумыслардың мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсеткен үгит-нәсиятшылар жеңимпаз болады.

Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.