Беруний ҳәм Нөкис районларының пахтакешлери пахта тапсырыў бойынша шәртнамалы режелерин орынлаўға еристи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018  жыл 27-декабрьдеги «2019-жылда пахтаны сортлары бойынша жайластырыў ҳәм пахта шийки затын жетистириўдиң прогноз көлемлери ҳаққында»ғы қарары тийкарында Беруний районындағы 190 фермер хожалығы тәрепинен 10275  гектар майданға шигит егилип, «Беруний кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен 23465 тонна пахта жетистириў бойынша контрактациясы шәртнамасы дүзилди. Агротехникалық илажлардың өз ўақтында сапалы өткерилиўи, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетлери нәтийжесинде дийдиленген өним алыўға ерисилди. Бүгинги күнге 23740 тонна пахта тапсырылып, шәртнамалы реже артығына орынланды.

Жыйын-теримди шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде  районда 2231 отряд шөлкемлестирилип, оларға фермер хожалықлары ҳәм кластер кәрханасының жумысшыларынан, ўақтынша жумыссызлардан 5643 теримши бириктирилди. Оларға жәми 16 миллиард 954 миллион 832 мың сум терим пуллары тиккелей атыз басларында тарқатылды.

Райондағы «Навоий қайыр» фермер хожалығы 140 тонна орнына 148,4, «Иззат Жуманиязов» фермер хожалығы 184 тонна орнына 197, «Ражабов Алимбой» фермер хожалығы 160 тонна орнына 164 тонна тапсырып, жоқары нәтийжелерге еристи.

Нөкис районынының пахтакешлери де мәмлекетке 2540 тонна орнына бүгинги күнге 2557 тоннан пахта тапсырып, шәртнамалы режесин артығына орынлаўға еристи. «Шортанбай бахытлы ел», «Исметулла баба ийшан», «Қанлы Қайрулла» ҳәм басқа да алдыңғы фермер хожалықлары районның қырманына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.

Атызларда еле зүрәәт мол. Қалған зүрәәтти де сепситпей жыйнап алыў мақсетинде еки районда да жыйын-терим жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.