Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-октябрь күни Ғәрезсиз  Мәмлекетлер Дослық аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын Ашхабад қаласына жөнеп кетти.

Алдын хабар берилгениндей, мәжилисте Дослық аўқамы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратылған комплексли мәселелер додаланады. Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, халықаралық машқалалар бойынша пикир алысады.

Саммит жуўмағында және бир қатар ҳүжжетлерди қабыл етиў нәзерде тутылған.

Президент Шавкат Мирзиёев ҒМДА саммити шеңберинде Ашхабадта бир қатар мәмлекетлердиң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

 

ӨзА