Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы россиялы кәсиплесин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахт ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Президент Владимир Путин басшылығында Россияның турақлы раўажланыўы тәмийинленип атырғаны, халықтың абаданлығы барған сайын артып, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайының беккемленип атырғаны атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының избе-из раўажланып, бүгинги күнде олар сапалы жаңа мазмун менен байып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекет басшылары ерисилген келисимлерди ҳәм қол қойылған питимлерди өз ўақтында әмелге асырыў, өз-ара саўда көлемин көбейтиў, инвестиция, илим-техника, транспорт-логистика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.

Президентлер нәтийжели парламентлераралық, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси көрип шығылды.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасындағы дослық ҳәм көп қырлы шерикликти мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да беккемлеў бағдарындағы умтылысларының исенимли екенлигин тастыйықлады.

 

ӨзА