Олий Мажлис Нызамшылық палатасында

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 2019-жыл 20-сентябрь күни өткерилген гезектеги мәжилисинде депутатлар мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын буннан былай да көтериўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Атап айтқанда, депутатлар жумысты «Мәдений көринислердиң ҳәр түрли формаларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы халықаралық конвенцияны (Париж, 2005-жыл 20-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта 145 мәмлекет тәрепинен ратификацияланған бул Конвенцияның тийкарғы мақсети мәдений өзликти сәўлелендириўдиң ҳәр түрли формаларын сақлаў ҳәм хошаметлеў бул тараўда халықаралық бирге ислесиўди, бирдей пикирлеўди беккемлеў тийкарында түрли мәдениятлардың еркин байланыс жасаўы ушын зәрүрли шараятларды жаратыўдан ибарат. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде бул Конвенцияның тийкарғы қағыйдаларына ҳәр тәреплеме сәйкес келетуғын жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылып келинбекте. Дәстүрге айланған «Шарқ тароналари» музыка фестивалы, Мақом көркем өнери халықаралық форумы, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы сыяқлы халықаралық әҳмийетке ийке илажлар усылар қатарынан орын алған.

Бул конфенцияның ратификацияланыўы халқымыздың узақ өтмишке ийе әзелий мәдениятын қәстерлеп-сақлаў, және де кең көлемде үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыўдың имканиятын кеңейтиўге жәрдемлеседи.

Мәжилисте «Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершиликтиң либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарының додаланыўы да пикир таласларға бай болды.

Атап өтилгениндей, бир қатар сырт мәмлекетлердиң жынаятшылыққа байланыслы нызам ҳүжжетлерин үйрениў мәмлекетте болыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жынайый жуўапкершиликтиң жоқ екенлигин көрсетпекте. Бул, өз гезегинде, Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексиниң 224-статьясын декриминализациялаў керек екенлигин келтирип шығармақта. Сондай-ақ, миллий нызамшылығымыздың анализи ҳәм Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқық бузарлықлардың статистикасы республикамыздың пуқаралары, сырт ел пуқаралары және пуқаралығы болмаған шахсларға ҳәкимшилик жуўапкершилик илажларын дифференциациялаўды талап етпекте.

Соннан келип шығып, бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерине Өзбекстанда болыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершиликти либералластырыўға қаратылған тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Депутатлардың пикирине қарағанда, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен усы категориядағы жумыслардың оператив көрип шығылыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын буннан былай да раўажландырыўға қаратылған реформаларды толық жүргизилиўине ҳуқықый кепиллик жаратады.

Мәжилисте жаңа редакциядағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарының додаланыўы қызғын өтти. Жойбарда Ҳүкиметтиң ашық-айдын жумыс ислеўи, оның ўәкилликлери анық тараў ҳәм бағдарлар бойынша белгилеп берилмекте. Бас министр тәрепинен жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, мәмлекетлик басқарыў аймақлық уйымларының басшылары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында аймақларда Ҳүкиметтиң тематийкалы көшпели мәжилислериниң өткерилиўи нәзерде тутылып атыр. Сондай-ақ, бас министр, оның биринши орынбасары ҳәм орынбасарлары, Бас министрдиң кеңесгөйи, министрлер, мәмлекетлик комитетлер баслықларының ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги белгилеп берилмекте.

Буннан былай Ҳүкиметтиң физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәмлекетлик басқарыў уйымларына жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына келип түскен мүрәжатлар менен ислеў мониторингин алып барыў және таллаўды жүргизиўде ҳәм нызам дәрежесинде беккемлеп қойылмақта. Буннан тысқары, жойбарда Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм оның лаўазымлы шахсларының ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен шағым етилиўи мүмкинлигине байланыслы нызам нормаларында анық белгилеп берилмекте.

Депутатлардың пикирине қарағанда, жойбарда усы сыяқлы жаңа нормалардың сәўлелениўи ҳәкимият тармақларының бөлиниў ҳәм бирин-бири тыйып турыў және тең салмақлылықты сақлаў приницплерине муўапық, Ҳүкиметтиң өз жумысын нызамлы түрде, ашық-айдын, демократиялық руўҳта әмелге асырыўын тәмийинлеўге жәрдем береди. Бир ўақыттың өзинде Ҳүкиметтиң ашық-айдын жумыс ислеўи, атқарыў ҳәкимияты жумысына нәтийжели басшылықты әмелге асырыў, инсан ҳуқық-еркинликлериниң қорғаўын және халық мәпиниң әҳмийетлилигин тәмийинлеўдиң сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилиўинде беккем ҳуқықый тийкар ўазыйпасын атқарады.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында мәмлекетлик басқарыў сситемасын түп-тийкарынан жетилистириўге қаратылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Президентимиздиң 2019-жыл 28-марттағы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған бул жойбарға муўапық, ветеринария ҳәм шарўашалық тараўын басқарыў системасының жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен оның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функцияларының шеңбери кеңейтилмекте.

Парламент ағзалары бул нызам жойбарының қабыл етилиўин республикада нәсилшилик-селекция жумысларын жүргизиўдиң илимий тийкарланған инновациялық усылларды енгизиўге, өнимдар ҳәм нәсилли малларды жетистириўге, көбейтиў ҳәм жасалма шағылыстырыў жумысларын системалы шөлкемлестириўге, шарўа малларының нәсилин жақсылаўға хызмет ететуғынын атап өтти. Соннан кейин депутатлар «Жоқары дәрежели «Дослық» орденин енгизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын ҳәр тәреплеме додалады.

Атап өтилгениндей жойбарда Жоқары дәрежели «Дослық» ордени менен Өзбекстан Республикасының пуқаралары, айрықша жағдайларда Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар туўысқан халықлар арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў, халықлар аўызбиршилигине ерисиўдеги айрықша хызметлери, ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти раўажландырыўдағы жемисли мийнети, миллетлераралық келисимге ерисиў, сондай-ақ, халықлар арасында өз-ара татыўлықты беккемлеўде белсендилик пенен қатнасықаны ушын сыйлықланатуғыны белгиленбекте.

Қызғын пикир-таласларды келтирип шығарған гезектеги мәселе – «Энергиядан ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбары болды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының басламасы менен ислеп шығылған бул нызам жойбарының мақсети энергетика тараўында ислеп шығылып атырған электр, ыссылық энергиясы, жанылғы ҳәм басқа да дәстүрий емес энергия ресурсларынан экономика тармақлары, социаллық тараўдан буннан былай да ақылға уғрас пайдаланыў энергия ресурслары тутыныўының нәтийжелилигин ҳәм заманагөй үнемлеўши технологияларды енгизиў хызметлерин көрсетиўдиң ҳуқықый тийкарларын жетилистириўден ибарат.

Парламент ўәкиллериниң пикиринше, бул жойбардың қабыл етилиўи энергия ресурслары қәрежетлерин оптималластырыў, энергия ресурслары тутыныўының нәтийжелилигин системалы мониторинг етиў, тутыныўдағы энергия ресурсларының көлемин кемейтип, үнемлеў, мәмлекетте турақлы экономикалық өсиўди беккемлеў, бюджетке түсимлерди көбейтиў және халықтың реал дәраматларын арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилистиң күн тәртибине киргизилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары Президентимиздиң 2019-жыл 5-февральдағы «Алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың айланысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды жетилистириў және жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Жойбар менен алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерден туўры сызық бойынша еки жүз метрден аслам радиусте жайласқан саўда объектлеринде, сондай-ақ, улыўма саўда майданынан мың квадрат метрден аслам болған саўда комплекслери (базарлар), ярмарка павильонларында реализациялаўды қадаған етиў белгиленбекте.

Буннан тысқары, республика аймағына алкаголь өнимлерин полиэтилен, полистирол ҳәм басқа да полимер материаллардан таярланған полимер тутуныў ыдысларында алып келиўди қадаған етиў ҳәм жуўапкершиликти орнатыў (пиво ҳәм вино өнимлери буған кирмейди) нәзерде тутылмақта.

Әмелияттан белгили, қандай да бир кәрхана, исбилерменлик субъектин шөлкемлестирип ашыўдан, оны тоқтатып, жаўып таслаў бир қанша қыйын. Әне сол себепли де көплеген исбилерменлер юридикалық шахсты шөлкемлестирмей, белгили бир фирманы мәмлекетлик дизимнен өткермей жумыс алып барыўды абзал деп биледи. Тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан гөзленген мақсет исбилерменлик субъектлериниң жумысын тоқтатыў процесслериниң тәртип-қағыйдаларын және де әпиўайыластырыў, ашық-айдынлығын арттырыў арқалы коррупция менен байланыслы факторлардың алдын алыўға қаратылған.

Усы мәнисте депутатлардың «Исбилерменлик субъектлерин тоқтатыў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары бойынша пикир-таласлардың қызғын өткенин түсиниўге болады.

Жойбар менен исбилерменлик субъектлерин тоқтатыўды тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған деп есаплаў ушын тийкар болатуғын мүддет тоғыз айды қурайтуғыны, финанс-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған кәрханалар мәмлекетлик салық хызмети уйымының усынысына тийкарланып дизимнен өткериўши уйым тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң бирден-бир мәмлекетлик реестрден үш жыл мүддетке ҳәрекетсиз режимге өткерилиўи белгиленбекте. Ҳәрекетсиз режимге өткерилген кәрханалардың жумысы үш жыл даўамында тикленбеген жағдайда дизимнен өткериўши уйым оларды исбилерменлик субьектлериниң бирден-бир мәмлекетлик реестиринен шығарады. Соннан келип шығып, тийисли нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлериниң жумысын тоқтатыў процесслериниң тәртип-қағыйдаларын және де әпиўайыластырыў, ашық-айдынлығын арттырыўды тәмийинлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар ўазыйпасын атқарады.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине байланыслы басқа да мәселелер де додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети

 

ӨзА