Заманбек дөреткен картина

 23-ноябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Камалак юлдузлари» таңлаўының лауреаты (2015-жыл), республикалық таңлаўлардың жеңимпазы Заманбек Тәңирбергеновтың дәслепки «Жас художник ҳәм музей» атамасындағы көргизбеси өткерилди.

Буннан алдын оның дөреткен картиналары Көркем өнер академиясы көргизбелер сарайында көргизбеге қойылған еди.

5 жасынан баслап сүўретшилик өнери менен айланыса баслаған Заманбектиң бүгинги күнде 80 нен аслам картиналары бар.  – Заманбекте айрықша рең таңлаў қәбилети бар дейди, – устазы Рашид Генжебеков, ол көбинесе ана-Ўатан, ана меҳри, спорт, ертеклер дүньясы композицияларында фламастер жәрдеминде ашық ҳәм жарқын реңлерде сүўретлер салады. Жақыннан баслап краскада сүўрет салыўға өтти.

Кеше қатнасыўшылары жас художник Заманбек Таңирбергеновтың көргизбесин тамашалады. Онда әсиресе, «Шаңарақ», «Ўатанды қорғайман», «Арал қайғысы», «Аңқаў мерген», «Кекселерге ҳүрмет», «Тынышлық сақшысы» ҳәм т.б картиналары жыйналғанларда өзгеше тәсир қалдырды

Заманбек дөреткен картина

Илажға пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң оқыўшылары ҳәм устазлары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.