Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасында Террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер ҳәм топарлардың қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүрәжатларын көрип шығыў бойынша Республикалық уйымлараралық комиссияcының мәжилиси болып өтти.
Бул ҳаққында Бас прокуратураның баспасөз хызмети хабар берди.
Бас прокурор Н.Йўлдошевтиң басшылығында болып өткен мәжилисте комиссия ҳәм жумысшы топар ағзалары қатнасты.
Мәжилисте қадаған етилген шөлкемлердиң қурамына адасып кирип қалған пуқаралардың жынайый жуўапкершиликтен азат етиўди сорап усынған мүрәжатлары Президентимиздиң 2018-жыл 19-сентябрьдеги «Террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер ҳәм топарлардың қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан Республикасы пуқараларын жынайый жуўапкершиликтен азат етиў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманының талаплары тийкарында көрип шығылып атырғаны атап өтилди.
Атап өтилиўинше, Комиссия 5 шахсты жынайый жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққында шешим қабыллады. Сондай-ақ, жынайый жуўапкершиликтен азат етилген 5 пуқараны Өзбекстанға қайтарыў, социаллық-ҳуқықый жәрдем бериў, соның ишинде, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем бериўге қаратылған шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бүгинги күнде бул мәселе бойынша келип түскен және 6 мүрәжат жумысшы топар тәрепинен үйренилмекте.
Мәжилисте комиссия ҳәм жумысшы топар ағзаларының келешектеги ўазыйпалары белгилеп алынды. Соның ишинде, пәрманның талапларын халыққа жеткериў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын буннан былай да жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди.
ӨзА