Усы жылдың сентябрь айында Қазақстанның Астана қаласында 38 мәмлекеттиң талантлылары арасында өткерилген «The Spirit of Desht-i-Kipshak» атамасындағы таңлаўға қатнасып, сыйлы 2-орынды ийелеп қайтқан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студенти Нурмухан Жубатқановтың сахнада көрсеткен өнери тамашаға жыйналған пүткил халықты таң қалдырды.

Усы таңлаўда Нурмухан Жубатқановтың атқарыўындағы Попурри номери Интернет тармағында да  көпшилик ықласбентлердиң кеўлинен орын алмақта.

 

Нурмухан Жубатқанов 1997-жылы 27-июнь күни Нөкис қаласында туўылған. 2012-жылы Нөкис қаласындағы 10-санлы мектепти, 2015-жылы НМПИ жанындағы 2-санлы академиялық лицейди айрықша баҳалар менен тамамлаған.

Балалығынан әкесиниң домбыра шерткенине ҳәўес етип, Нурмуханда усы саз әсбабына деген күшли ықлас оянады. Перзентиниң саз шертиўге болған қызығыўшылығын сезген ата-анасы оны  Хожели қаласындағы 5-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине алып барды. Бул дәргайда Нурмухан дәслепки устазы Қарлыға Сағындықовадан саз шертиўдиң әлўан түрли сырларын үйрене баслады. Өз өнери менен дәслеп район, соң республика көлеминде өткерилген таңлаўларда табысларға ерисип, устаз исениминен шықты.

Атап айтқанда, 2014-жылы М.Қары-Якубов атындағы таңлаўдың Қарақалпақстан республикалық басқышында жеңимпазлықты қолға киргизген Нурмухан Өзбекистан көлеминде өткерилген жуўмақлаўшы басқышта да 1-орынды ийелеўге миясар болды. Сол жылдың сентябрь айында Қазақстан республикасында өткерилген «Тарийх ҳәм мәденият» атамасындағы халықаралық фестивалынан да диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланып қайтты. «Ниҳол» сыйлығы ушын өткерилген таңлаўдың Өзбекистан көлеминдеги жуўмақлаўшы басқышына да ылайықлы қатнасты.

2015-жылы Өзбекистан көлеминде өткерилген «Өмирбақый сазлар» атамасындағы таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышында 2-орын, усы жылы Астана қаласында болып өткен «Қазақ ханлығына 550 жыл» толыўы мүнәсибетине бағышлап өткерилген халықаралық фестивалына, 2016-жылы Қырғызстан Республикасында өткерилген «Жети-өгуз аймақ ышқыбоздору-2016» халықаралық фестивалларына табыслы қатнасады. 2015-жылы «Шашақты найза шалқар күй» атамасындағы жеке концертин өткереди.

Көркем өнер тараўында усындай табысларға ерискен қаҳарманымыз спорттың еркин гүрес түри менен де шуғылланып бирқатар республикалық жарысларда сыйлы орынларды жеңип алған.

– Мен домбыра саз әсбабына балалығымнан ықлас қойғанман. Бунда әкемниң мийнетлери айрықша. Мектепте де домбыра класында оқығанман. Cаз шертиў бойынша бәрҳа изленип, шеберлигимди асырыўға ҳәрекет етемен. Баспасөз, телевидение, интернеттен керекли мағлыўматларды алыўға еринбеймен. Таңлаў болса қалмай қатнасаман. Ҳәр таңлаўда жаңа имканиятлар пайда болады, жаңа таныслар арттыраман. Халықаралық таңлаўларларда танысқан шет ел сазенделери менен пикир алысып, мәсләҳәтлесип турамыз.

Н.Жубатқанов ҳәзирги күнде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдары 3-басқышында тәлим балмақта.

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ