Пайтахтымызда жақында жумыс баслаған Президент мектебине ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Бул мектеп мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 20-февральдағы «Президент мектеплерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген болып, мәмлекетимизде қәбилетли жасларды оқытыў системасын жаратыў және келешекте оларда басшылық ҳәм жетекшилик көнликпелерин қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе.

Дәслепки Президент мектеби Ташкент қаласында жумыс баслады. Ҳәзирги ўақытта Наманган, Нөкис ҳәм Хийўада Президент мектеплериниң қурылыс ҳәм пардозлаў жумыслары жуўмақланбақта. Президент мектеплериниң дәслеп шекленген муғдарда шөлкемлестирилиўи бул мәкемелерди басқарыў ушын пүткиллей жаңа модельди сынап көриў зәрүрлиги менен байланыслы. Сынаўдан кейин Президент мектеплерин 2020-жылда Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында, 2021-жылда Әндижан, Наўайы, Сурхандәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент   ўәлаятларында қурыў режелестирилген.

photo5188616120918190951.jpg

photo5188616120918190952.jpg

photo5188616120918190953.jpg

photo5188616120918190954.jpg

 

Быйыл Президент мектебине кириў имтиханлары Наманган, Нөкис, Хийўа ҳәм Ташкентте еки басқышта болып өтти. Дәслеп, сайлап алыў имтиханларында қатнасыў ушын 28 мың 452 талабан дизимге алынған. Соннан 27 мың 471 талабан имтиханда қатнасыў ҳуқықына ийе болды. 27 мың 119 талабан болса сайлап алыў имтиханларында қатнасты.

Сайлап алыў басқышы имтиханының нәтийжелерине бола, 12 мыңға шамалас оқыўшы тийкарғы имтиханларда қатнасыўды қолға киргизди. Тийкарғы имтиханларда бир орынға туўра келетуғын оқыўшылардың саны 20 оқыўшыны қурады. Имтихан нәтийжелерине бола, ҳәр бир мектепке 144 оқыўшы қабыл етилди. Президент мектеплеринде тийкарғы ҳәм дәслепки сынақлар «Cambridge Assessment International Education» қәнигелери тәрепинен өткерилди.

photo5190448942377184142.jpg

photo5190448942377184143.jpg

photo5190448942377184144.jpg

photo5190448942377184145.jpg

photo5190448942377184146.jpg

Халық билимлендириў министрлиги Президент мектебине кире алмаған бир топар қәбилетли оқыўшыларға мәмлекетимиздеги басқа қәнигелестирилген мектеплерде билим алыўды усыныс еткенлигин атап өтиў керек. Олар бул қәнигелестирилген мектеплерге имтихансыз қабыл етилди.

Президент мектеплери интернат сыпатында жумыс алып бармақта. Яғный, оқыўшылар  5 күн даўамында мектеп аймағында (кампуста) жасап, оқыйды. Дем алыс күнлери ата-аналар перзентлерин үйине алып кетиўи мүмкин. Бул жерде оқыўшылар бийпул мектеп формасы ҳәм аўқат пенен тәмийинленеди.

Президент мектеплеринде оқыў процеси «STEAM – билимлендириў» бағдарламасы ((Science тәбиий пәнлер, Technology – технология, Engineering – техникалық дөретиўшилик, Art – көркем өнер, Mathematics – математика) бойынша алып барылады. Бул болса талантлы жаслардың пикирлеў қәбилетин, ерк-ықрарын, дөретиўшилик потенциалын, бейимлесиўин раўажландырыўға имканият береди. Бул бағдардағы сабақлар инглис тилинде алып барылады. Ҳәзирги ўақытта мектеп STEAM методологиясы бойынша сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары менен тәмийинленген.

photo5190448942377184147.jpg

photo5190448942377184148.jpg

photo5190448942377184149.jpg

Жас әўладты Ўатанға муҳаббат, елге садықлық руўхында тәрбиялаў ушын Президент мектеплеринде өзбек тилинде оқытылатуғын ана тили ҳәм әдебияты, тарийх ҳәм басқа да пәнлерди терең үйрениўге айрықша итибар бериледи. 9-11-класс оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм өзгешеликлерине қарап, билимлендириў оқыў процеси индивидуализацияланған ҳалда алып барылады.

Президент мектеплериниң питкериўшилери белгиленген тәртипте мәмлекет тәрепинен тастыйықланған гүўалықнама, аттестат пенен бир қатарда, халықаралық дәрежедеги тийисли бағдарлама дипломы (International Baccalaureate, Advanced Placement ёки International Advanced Levels) на ийе болады. Бул болса, өз гезегинде, сырт еллердиң жоқары оқыў орынларына кириў имканиятын береди. Канаданың «Teachaway» ҳәм Уллы Британияның «TIC Recruitment» рекрутинг компаниялары менен биргеликте мектепке 30 сырт елли қәниге таңлап алынды. Сондай-ақ, 72 тәжирийбели ҳәм жоқары маман жергиликли оқытыўшы да тартылды. Олардың барлығы арнаўлы имтиханнан өткерилди.

Cambridge Assessment International Education ўәкиллери тәрепинен жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер ушын Кембридж оқыў бағдарламалары тийкарында арнаўлы тренинглер өткерилди. Сондай-ақ, Cambridge оқыў бағдарламасын әмелге асырыўдың унамлы тәжирийбесин үйренип, оны мәмлекетимиздеги басқа мектеплерде де қолланыўшы жергиликли қәнигелердиң жәмәәти қәлиплестирилди. Әҳмийетли тәрепи, Президент мектеплери өзине тән билимлер орайына айланады.

photo5190448942377184150.jpg

photo5190823600964348653.jpg

photo5190823600964348654.jpg

photo5190823600964348655.jpg

photo5190823600964348656.jpg

Ташкентте қурылған бул мектеп имараты оғада шырайлы. Класс бөлмелери ең заманагөй оқыў, техникалық үскенелер менен тәмийинленген. Сабақ даўамында белгили бир пән бойынша өзбекстанлы оқытыўшы менен бирге сырт елли педагог та балаларға биргеликте билим береди. Бул болса билимлендириўдиң сапасын арттырыў менен бирге педагоглардың өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасыўында оғада пайдалы болатуғыны сөзсиз.

Бул мектептиң директоры Тўрабой Шерматовтың айтыўына қарағанда, оқыўшылар елимиз ҳәм сырт елли педагоглардың қатнасыўындағы дәстүрий емес сабақ процесслерин өз қәлеўи менен өзлестирмекте. Класс бөлмелери ҳәр бир пәнге сай түрде үскенеленген, олардың дизайни техникалық-оқыў методикалық тәмийинлениўине айрықша итибар қаратылған. Бир қарағанда мектептиң әпиўайы тақтасындай болып көринген үскене бир ўақыттың өзинде ҳәм электрон доска, ҳәм компьютер ўазыйпасын атқарады. Мектепте балалардың толық билим алыўы, оқыўға, излениўге болған қызығыўшылығын және де күшейтиўи ушын зәрүрли барлық шараятлар жаратылған. Футбол, баскетбол, теннис майданшалары, жүзиў бассейни, денетәрбия залы ҳәўес етерлик дәрежеде.

Балалардың жасаў орынлары оғада қолайлы. Китапхана миллий ҳәм шет ел оқыў әдебиятлары, көркем китаплар менен толықтырылмақта. Ондағы компьютерлер Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан миллий китапханасына жалғанған. Үлкен амфитетарда оқыўшылар ушын түрли мәдений-ағартыўшылық илажларды, әнжуманларды өткериўге болады. Булардың барлығы жас әўладтың пуқта билимли, кең ҳәм саламат дүнья танымның ийеси болып жетилисиўине хызмет етеди.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы